Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-ноябрь күни мийўе-овощ жетистириў тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм экспортын арттырыў, халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор өткерди.

Өзбекстан мийўе-овощты ислеп шығарыўда үлкен имканиятларға ийе. Халықтың абаданлығын турақлы түрде арттырып барыўда халқымыздың турмыс тәризине ең жақын ҳәм тез нәтийже беретуғын бағдар аўыл хожалығында жоқары дәраматлы интенсив өндиристи шөлкемлестириў.

Қолда бар потенциалды толық иске қосыў, соған жараса үлкен дәрамат алыў зәрүрлигин есапқа алған ҳалда, соңғы жылларда мәмлекетимизде бул тараў жоқары пәт бенен реформаланбақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен бағшылық тармағы ҳәм ыссыхана хожалықларында басқарыў системасын жақсылаў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, аўыл хожалығында кооперацияны жолға қойыў, заманагөй ресурс үнемлеўши технологиялар тийкарында жоқары сапалы, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў, азық-аўқат санаатын жеделлик пенен раўажландырыўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Соған қарамастан, дүнья базарында мийўе-овощ өнимлериниң саўдасы 205  миллиард долларды қураған бир ўақытта, бизиң үлесимиз бир процентке де жетпей атыр.

Мәжилисте атап өтилгениндей, келеси жылда мийўе-овощтың экспортын 2,5 миллиард долларға, кейинги үш жылда бул көрсеткишти 5 миллиард долларға жеткериў имканиятлары бар.

Мәмлекетимиз басшысы буған ерисиў ушын егинлерди ҳәм сортларды дурыс таңлап алыў, өнимдарлықты ҳәм дәраматты ең кеминде еки-үш есеге арттырыў, ысырапгершиликтиң алдын алыў, өнимлерди сақлаў, логистика мәселелери, экспортты дурыс шөлкемлестириў керек екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде дүнья базарында шийе, ерик, қәрели, әнар, жүзим, бадам, цитрус мийўелери сыяқлы өнимлерге талап жоқары ҳәм усы өнимлер  экспорт түсиминиң тийкарғы бөлегин қурамақта.

Өзбекстанда бундай мийўе жетистириў бағлары, әсиресе, интенсив бағлар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғаны, бағ ҳәм жүзим атызларының жарамсыз жағдайға келип қалғаны себепли олардың экономикалық нәтийжелилигиниң оғада төмен дәрежеде қалып атырғаны, бир қатар районларда мыңлаған гектар ески бағлардың жыллар даўамында өним бермей атырғаны сынға алынды. Елеге шекем «өнимди жетистириў – сатып алыў – сақлаў ҳәм қайта ислеў – экспорт» шынжырын шөлкемлестиретуғын кооперациялық система енгизилмеген.

Және бир унамсыз жағдай жүзим жетистириўди раўажландырыўда виношылық кәрханаларының орны сезилмей атырғаны менен байланыслы.

-Бул сыяқлы машқалалардың тәсиринде мәмлекетимизде өнимлерди жыйнап алыў ҳәм сақлаўдағы жоғалтыўлардың саны 30 проценттен азаймай атыр, – деди Президент. Яғный, алынған мийўе набыт болып, топыраққа араласып кетпекте. Бундай шараятта қалай жаңа бағ ҳәм жүзим жетистириў ҳаққында айтыўға болады?

Атап өтилгениндей, бир қатар районлар пахта жетистириўди қысқартып, мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилди. Тилекке қарсы, бул бағдардағы жумысларды да қанаатландырарлы дәрежеде деп болмайды.

Селекция бағдарында илимий изертлеўлер жетерли дәрежеде  жолға қойылмағаны себепли мәмлекетимиз туқымларды импорт етиўге мәжбүр болмақта.

-Минерал төгинлер менен тәмийинлеў, зыянкеслер ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў жумыслары системалы шөлкемлестирилмегени де дийқанды артықша әўерегершиликке салмақта, өнимдарлықты арттырыўға унамсыз тәсир көрсетпекте, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бир сөз бенен айтқанда, тараўда бир қанша өз шешимин табыўы керек болған мәселелер бар. Сонлықтан ески системадан пүткиллей ўаз кешип, ҳәр тәреплеме жаңа үзликсиз шынжырды, яғный кооперация ҳәм кластер системасын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай жол дүнья тәжирийбесинде өзиниң нәтийжелилигин дәлиллеген. Кластердиң енгизилиўи тараўда жоқары нәтийжелерге ерисилип атырғанын көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз Өзбекстанда бир неше үлкен экспортёр кластерди шөлкемлестириў, аўыл хожалығында қосымша қун шынжырын жаратыў ҳәм дәраматты арттырыў, өним ислеп шығарыўшыларды анық базар, анық финанслық дәрек пенен ислейуғын исбилерменге бириктириў керек екенлиги атап өтилди.

Сырт елли қәнигелердиң жәрдеминде шөлкемлестирилген Сурхандәрья тәжирийбеси тийкарында 55 районды экспортқа жарамлы белгили бир өнимлердиң түрин жетистириўге қәнигелестириў ўазыйпасы қойылды.

Буннан тысқары, ҳәр бир ўәлаят ҳәм район ҳәкими кластерлер менен мийўе-овощты дурыс жайластырыўға, агротехникалық илажлардың өткерилиўине, жетистирилген өнимниң экспортёр ямаса қайта ислеўшиге толық жеткерилиўине жеке жуўапкер екенлиги белгиленди.

Қаржы министрлигине жаңа система тийкарында экспортқа жарамлы өнимлерди жетистириўди хошаметлеў бойынша қаржыландырыў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.

Аўыл турғынларының бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жаңадан шөлкемлестирилип атырған кооперациялар тийкарында 1 гектардан 5 гектарға шекем  ижара тийкарында жер ажыратып бериледи. Жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын пайда етиўге «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде 1 триллион сум қаратылады.

Кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Ферғана ойпатлығының 22 районында 31 үлги кооперация шөлкемлестириледи. Ҳәр бир кооперацияға ең кеминде 50 жумыссыз пуқара ағзалыққа қабыл етилип, оларға пайдаланылмай атырған жерлер, субсидиялар және жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Халықаралық және жергиликли финанс шөлкемлеринен қаржыларды тартыў арқалы шийе, ерик, әнар, шабдал, қәрели, ғоза сыяқлы мийўелерге қәнигелескен жаңа заманагөй бағларды шөлкемлестириў есабынан өнимдарлықты кескин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, экспортқа жарамлы жүзим атызларын шөлкемлестириў бойынша «мәнзилли бағдарлама»ны тастыйықлаў ўазыйпасы жүкленди.

Азық-аўқат ҳәм спиртли ишимликлер санаатында заманагөй басқарыў системасын енгизиў, өндирис көлемин кескин арттырыў, маркетинг ҳәм инновацияны кеңнен қолланған ҳалда экспортқа жарамлы өнимлердиң ассортиментин көбейтиў ҳәм сапасын жақсылаў, жаңа базарларды табыўға қаратылған жаңаша системаны шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз бағшылықтың раўажланыўы ушын, бәринен бурын, нәл керек екенлиги, соның ушын ҳәр жылы 20 миллион түп нәл жетистириўди жолға қойыў ҳәм экспортқа шығарыў имканияты бар екенлигин атап өтти. Аўыл хожалығы министрлиги Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине мәпдар шөлкемлер менен бирге келеси жылы ерик, шийе, шабдал, тутыныўға ҳәм экспортқа жарамлы жүзим, әнар, ғоза, бадам нәллерин жетистириў плантацияларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, Жәҳән банкиниң қаржылары есабынан Маҳмуд Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтының аймақлық участкаларында «ин-витро» лабораторияларын шөлкемлестириў бойынша да көрсетпе берилди.

Интенсив нәллер ҳәм сабылған өсимликлерди сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин фермерлерге субсидия сыпатында қаплап бериў, 2020-жыл 1-апрельден баслап «саламатлық» сертификатына ийе болмаған нәллерди мәмлекетимизге алып келиў ҳәм егиўди тоқтатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз халқының азық-аўқатқа болған талабын қаплаў ҳәм экспорттың көлемин арттырыў ушын мийўе-овощ жетистириўди жылына 8-10 процентке көбейтиў ҳәм қосымша 1 миллион тоннадан зыят өним жетистириў керек. Сол себепли Аўыл хожалығы министрлиги, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлерине 2020-жылда қайта пайдаланыўға киргизилетуғын 77 мың гектар жерге азық-аўқат егинлерин, ерте өним жетистириў ушын 200 мың гектарда тоқсанбасты усылында овощтың егилиўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Өсимликлерди химиялық қайта ислеў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў де әҳмийетли мәселелерден есапланады. Президент Шавкат Мирзиёев усыған қәнигелескен районларда минерал төгинлердиң дүканын шөлкемлестириў, фермерлердиң ҳәм халықтың қыйтақ жерлерине бул бағдарда хызмет көрсетиў системасын жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилисте айтылған илажлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ушын ҳәр бир бағдарға жуўапкер басшылар белгиленди.

 

ӨзА