Бүгин Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң бирине Шоманай районындағы 8 ҳәм 14-санлы улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 70тен аслам оқыўшы экскурсияға келди.

Олар әскерий хызметкерлердиң хызмет алып барыўы ҳәм олар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Мүддетли әскерий хызметкерлер менен сәўбетлесип, олардың турмысы, хызметтеги қызықлы ўақыялар туўралы мағлыўматларға ийе болды.

Оқыўшылар әскерий бөлимдеги жатақхана, асхана, жуўыныў, турмыслық хызмет көрсетиў бөлмелери, оқыў класслары, китапхана, сондай-ақ, әскерий қурал-жарақлар менен танысып, әскерий хызметкерлердиң турмысы туўралы бир қатар түсиниклерге ийе болды.

– Оқыўшы-жаслар менен өткерилетуғын бундай илажлар Арқа-Батыс әскерий округиниң бөлимлеринде  турақлы түрде шөлкемлестирилип келинбекте,-дейди әскерий округтиң баспасөз хызмети бас қәнигеси Ш.Абдурахманова. – Усындай руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажларға жаслардың, әсиресе, оқыўшылардың кең түрде тартылыўы, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў менен бирге, әскерий тараўға қызығыўшылығын арттырыўға да хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.