USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА САЙЛАЎ ПРОЦЕСИНИҢ ТИЙКАРҒЫ БАСҚЫШЛАРЫ

Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Сайлаўлардың конституциялық-ҳуқықый институтының демократиясы пуқаралардың сиясий ҳуқықлары системасында тийкарғы орынды ийелейди. Бул институт себепли пуқаралар тиккелей ямаса өз ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўда қатнасыўы мүмкин. Өзбекстан Конституциясында атап өтилгениндей, «халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги болып есапланады. Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халық мәплерин гөзлеп, тек ғана Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызам ҳүжжетлери  менен ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.

Өзбекстанда халықаралық демократиялық стандартларға жуўап беретуғын сайлаў системасын жаратыў ҳәм беккемлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўындағы реформаларды басқышпа-басқыш және избе-из турмысқа енгизиў арқалы әмелге асырылмақта.

Сайлаўлар ҳаққындағы миллий нызамшылық миллий тәжирийбе, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усынысларын есапқа алған ҳалда жетилистириледи.

Ҳәзирги сайлаў кампаниясы жаңа талапларға муўапық сайлаў нызамшылығының нормалары тәртипке салынған Сайлаў кодекси тийкарында өткерилмекте. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Сайлаў кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери киреди, олардың арасында Орайлық сайлаў комиссиясының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери әҳмийетли ҳәм шешиўши болып есапланады.

Дәслеп, соны атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекетимизде сайлаўлар ўақты-ўақты менен ҳәр бес жылда бир мәрте өткерилиўи керек болған норманы белгилейди, сондай-ақ, белгили бир ўақытта – жылдың үшинши шерегинде декабрь айының биринши екшембисинде ўәкилликли уйымлардың конституциялық ўәкилликлери тоқтатылады.

Сайлаў кодексиниң 14-статьясына муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў өткериў ушын дүзилген бийғәрез сайлаў комиссияларының системасына басшылық етеди ҳәм усы Кодекстиң Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады және оның бир түрде қолланыўын тәмийинлейди.

Нызам шығарыўшы Орайлық сайлаў комиссиясына Нызамшылық палатасына, жергилики Кеңеслерге депутатларды сайлаў бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығын жәриялаў ўәкиллигин берди. Усы жылдың 20-сентябринде сайлаў кампаниясы жумыс баслағанын жәриялады, сайлаў күни болса – 2019-жыл 22-декабрь деп белгиленди.

Сайлаў кодекси бойынша, сиясий партиялар сайлаўдың тийкарғы субъекти болып есапланады. ОСК бес сиясий партияның сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў ҳаққындағы қарарды қабыл етти.

Усы жылдың 18-октябринен 7-ноябрине шекем сиясий партиялар өзлериниң қуралтайлары, пленумларын өткериўи керек, онда Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңес депутатлығына талабанлар усынылады. Депутатлыққа талабанларды усыныў ҳуқықына тек ғана сиясий партиялар ийе.

Депутатлыққа талабанлар дизимге алынғаннан кейин, сайлаў кампаниясының тийкарғы басқышы басланады – бул сайлаўалды үгит-нәсиятлаў болып, ол талабанларға сайлаўшыларды өзлериниң сайлаўалды бағдарламалары менен таныстырыў, илажы болғанынша олардың қоллап-қуўатланыўына ерисиў ҳәм нәтийжеде тийисли ўәкилликли уйымға сайлаў ушын көп даўыс жыйнаў имканиятын береди.

Соның менен бирге, барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ўақтында барлық талабанларға тең шараятлар жаратылған, ғалаба хабар қуралларынан, соның ишинде, телевидение, радио ҳәм басылымлардан пайдаланады.

Нызам шығарыўшы сайлаў процесиниң ҳәр бир басқышының сәнесин анық белгилеп берген, барлық илажлар қатаң белгиленген календарь бойынша өткериледи. Усылайынша сайлаў процесиниң барлық басқышлары сайлаў күнине шекем анық белгилеп қойылады.

Сайлаў Кодексиниң 8-статьясына муўапық сайлаў комиссиялары сайлаўды шөлкемлестиреди ҳәм өткереди. Сайлаўлар улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Пүткил сайлаў кампаниясының ашық-айдынлығы тәмийинленеди.

Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиялары тийисли жергиликли Кеңеслер тәрепинен сайлаўдан кеминде сексен күн бурын дүзиледи. Олар комиссияның жети – он бес ағзасынан ибарат болып, кейинги сайлаў кампаниясы басланғанын жәриялағанға шекем өз ўәкилликлерин әмелге асырады (19-статья).

Нызамшылық палатасы депутатларын сайлаў  бойынша округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен жергиликли  Кеңеслерге өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясы болса тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанында баслық, баслықтың орынбасары, хаткер ҳәм алты-сегиз адамнан ибарат комиссия ағзалары дүзиледи.

Участкалық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўларға кеминде қырқ күн қалғанында бес-он тоғыз ағза, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи.

Сайлаў округлери ҳәм сайлаў участкалары.

Ҳәзирги ўақытта сайлаў округлери ҳәм сайлаў участкалары дүзилип, олардың шегаралары ҳәм сайлаўшылардың санын көрсететуғын дизимлери баспаларда басып шығарылды.

Нызамшылық палатасының депутатлар сайлаўын өткериў бойынша 150 сайлаў округи Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңесиниң усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.

Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын төмендеги округлер дүзиледи:

халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслеринде – алпыстан аслам сайлаў округи;

халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде – отыздан көп болмаған сайлаў округлери. Ҳәр бир округтен бир депутат сайланады.

Сайлаў округлериниң дизими, олардың шегаралары, сайлаўшылардың саны ҳәм округлик сайлаў комиссиялары жайласқан жерди көрсеткен ҳалда тийисли сайлаў комиссиясы сайлаўға кеминде жетпис бес күн  қалғанында жәрияланады.

Республика бойынша жергиликли Кеңеслер депутатларын сайлаў ушын 6,7 мыңнан аслам сайлаў округлери ҳәм 10 мыңнан аслам сайлаў участкалары сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги ўәкилханаларында 53 сайлаў участкасы дүзилген.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаў комиссиялары сайлаў участкаларын зәрүр сайлаў қутылары, жасырын даўыс бериў кабиналары менен үскенелеў, сайлаў бюллетеньлерин таярлаў, сайлаўшылардың дизимин дүзиў, сайлаўшыларды талабанлардың сайлаўалды ушырасыўлары ҳаққында хабардар етиў бойынша шөлкемлестириўшилик-таярлық жумысларын алып барады.

Сайлаў комиссиялары пуқараларды өзиниң жумыслары, сайлаў округлери, участкалары, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақты ҳаққында хабардар етеди, соның менен бирге, оларға сайлаўшылардың дизимлери, сайлаўалды қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими, талабанлар, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат береди.

Сайлаў комиссиялары талабанлардың исенимли ўәкиллери, бақлаўшылары ҳәм сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерин сайлаўға таярлық көриў және оның өткерилиўин  бақлаў ҳәм дизимге алыў бойынша жумыс алып барады.

Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлар көрсетилген сиясий партиялардың бақлаўшылары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм басқа да мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни де даўысларды санап шығыўда қатнасыў ҳуқықына ийе.

Буннан тысқары сайлаў комиссияларына 2017-жылы пайтахтымызда жергиликли сайлаўларда сынақтан өткерилген Бирден-бир электрон сайлаўшылар дизиминиң ислеўин тәмийинлеў талапларына әмел етиў жуўапкершилиги қойылды.

Сайлаў комиссиялары мүддетинен бурын даўыс бериў, сайлаў күни даўыс бериўди өткереди ҳәм усы жылдың 22-декабрь күни, тийисли аймақта сайлаў участкасында, округте даўысларды санап шығады ҳәм сайлаўдың нәтийжелерин жәриялайды.

Солай етип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Ныамшылық палатасына, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўларға таярлық көриў және өткериў Сайлаў кодекси ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына муўапық түрде әмелге асырылады. Онда сайлаў процесиниң тийкарғы басқышлары белгиленген: сайлаў кампаниясының басланғанлығын жәриялаў;  сайлаў округлерин дүзиў; сайлаў участкаларын дүзиў; ҳәр қыйлы дәрежедеги сайлаў комиссияларын қәлиплестириў; сайлаўшылардың дизимин дүзиў; сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына жол қойыў; депутатлыққа талабанларды усыныў; депутатлыққа талабанларды дизимге алыў; сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў; даўыс бериў; даўысларды санап шығыў ҳәм сайлаў нәтийжелерин анықлаў.

Ашық-айдынлық, бәсекиге шыдамлылық ҳәм ең әҳмийетлиси нызамлылық сайлаў процесиниң барлық басқышларында әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли шәрт болып есапланады. Тек усындай шараятта сайлаў кампаниясы мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли мәмлекетлик-ҳуқықый реформаларды тереңлестириўде үлкен үлес қосады.

М.ИСТАМОВ,

Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.