Сайлаў – 2019

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (МКШ) Өзбекстанда заманагөй пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў, демократияны жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда әҳмийетли дөретиўшилик ролин атқарады.

Солай екен, быйылғы сайлаўлар процесинде тек ғана сиясий партиялар ҳәм жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери емес, ал пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллери де тиккелей қатнасыўы ҳәм жәмийетлик қадағалаў ҳуқықынан нәтийжели пайдаланыў ушын нормативлик-ҳуқықый тийкарлар жаратылды.

Өзбекстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясы, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси, Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Меморандум шеңберинде нәтийжели бирге ислесиўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылады.

Соның ишинде, Сайлаў кодексиниң 8-статьясына тийкарланып, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан мүнәсип талабанлар бақлаўшы сыпатында қатнасыўы тәмийинленеди.

Участкалық сайлаў комиссияларына сайлаўшылардың дизимин анықластырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери жақыннан жәрдемлеседи. Пуқараларға участкалық сайлаў комиссиясының имаратында сайлаўшылардың дизими менен танысыў, зәрүрлигине қарай анықластырыў жумысларына жәрдемлесиў шөлкемлестириледи.

Тийисли сайлаў комиссияларының ағзалығына пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары өзлериниң белсенди ағзалары арасынан талабанларды усынады.

Буннан тысқары, тәреплер бирге ислесиўде сайлаў процесине таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелерди үйрениў мақсетинде маман қәнигелерди тартыў ҳәм сайлаў кодексине киргизилген демократиялық сайлаў стандартларының мазмунын ашып бериўге қаратылған илажлар, семинарлар, тренинглер, дөгерек сәўбетлерин өткереди. Бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыўда, тийисли усыныслар ислеп шығады.

photo5332671686258043948.jpg

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирза-Улығбек Абдусаломов сайлаў процесслери, сайлаўға көрилип атырған таярлық жумысларға тоқтап өтти.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши 150 сайлаў округи ҳәм округлик сайлаў комиссиялары, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткеретуғын 6 мың 567 сайлаў округлери дүзилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен жәми 10 мың 252 сайлаў участкасы, сондай-ақ, республикамыздың сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық уйымларында 53 сайлаў участкасы дүзилди.

Сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын 49 мәмлекет ҳәм 8 шөлкемге 316 бақлаўшыға усыныслар жиберилди.

Жаңа Сайлаў кодекси бойынша 22-декабрьде болып өтетуғын сайлаўларда өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылардың қатнасыўына рухсат берилиўи мәҳәллеге болған итибар және де артқанлығынан дәрек береди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2019-жыл 30-октябрьдеги «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайының жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы етип қайта шөлкемлестирилди.

Бәсекиге шыдамлы көп партиялы системаның раўажланыў дәрежесин системалы таллаў, сиясий партиялар тәрепинен өз электоратының мәплери жолында өткерилетуғын илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, пуқаралардың белсендилигин арттырыў сыяқлы мәселелер орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди. Бул, өз гезегинде, сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде, халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестирилиўинде усы жаңа структура менен өз-ара бирге ислесиўди және де күшейтиўди талап етеди.

Меморандум шеңберинде Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллери Сайлаў ҳуқықының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм сайлаў процесин және де демократияластырыў тараўында өз-ара бирге ислесиўин  күшейтиў, сондай-ақ, қоспа жойбарлар ҳәм илажларды әмелге асырыў мақсетин өз ишине алған.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы