Жақында, бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен сапасы кепилленбеген алкоголь өнимлериниң республикамыз аймағына нызамсыз түрде алып кирилиўиниң алды алынды.

– Буны «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери елимизге кирип келген шахс Ж.В.ның жүклерин тексерип атырып анықлады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Баспасөз хызмети инспекторы М.Чимбергенова.  – Оның жүклери арасынан бажыхана хызметкерлериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, улыўма баҳасы 33 миллион сумлық 66 литрлик виски ишимликлерин сатыў мақсетинде алып киятырғанлығы анықланды. Бул вискилер вагонның жоқары тәрепине, сондай-ақ, вагон печкасы астындағы ағашлардың астына жасырылған екен.

Ҳәзирги ўақытта бул фактлер бойынша сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.