Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Усы жыл 2-ноябрьде Нөкис әскерий гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында «Сайлаў нызамшылығы: жаңалықлар, нызамшылықтың мазмун-мәниси» атамасында ушырасыў өткерилди. Оған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, мүддетли әскерий хызметкерлер қатнасты.

Ушырасыўда Арқа-Батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы, полковник Д.Чориев, Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худойбердиев, сенаторлар F.Хожаниязов, О.Атаниязова, Г.Аннаклычева ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Миллий идеология ҳәм руўхыйлық тийкарлары, ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы А.Байрыевалар шығып сөйлеп, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, халық депутатлары жергиликли кеңеслерине сайлаўға таярлық көриў барысы, быйылғы сайлаўлардың өзгешелиги, Сайлаў кодекси ҳәм оған сәйкес қабыл етилген нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси туўралы толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийеттиң ең әҳмийетли белгилериниң бири бул – еркин, ашық-айдын сайлаў системасының бар екенлиги. Пуқаралар сайлаўлар арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға тиккелей қатнасады.

Сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы пуқараның ең әҳмийетли сиясий ҳуқықларының қатарына киреди. Сол себепли, сайлаў менен байланыслы нормативлик ҳүжжетлерди қамтып алған нызам – Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси қабыл етилди. Мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўы ушын сайлаўлар үлкен әҳмийетке ийе боғанлығы себепли, ҳәр бир пуқара оған қатнасып, белсендилик көрсетиўи керек.

– Телевидение ҳәм сайтлар арқалы орынларда өткерилип атырған сайлаўалды үгит-нәсият илажларын бақлап барып атырман,-дейди илаж қатнасыўшысы М.Лутфуллаева. – Сайлаў процесслери нызамға муўапық алып барылыўы менен бирге, онда техникалық жетискенликлерден де толық пайдаланылатуғынлығы, ашық-айдын, демократиялық принциплер тийкарында өткерилетуғыны бизди қуўандырмақта. Сайлаўда ҳәмме белсене қатнасып өзи қәлеген талабан ушын даўыс береди ҳәм мен де солар қатарында боламан, деп исендиремен.

Сенаторлар қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

Ушырасыўда 22 жыл армия қатарында хызмет еткен офицер, майор Олим Солиевты салтанатлы түрде напақаға шығырып салыў мәресими де болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.