Усы жылдың 2-ноябрь күни жергиликли ўақыт пенен саат 17:20 да Маңғыстаў ўәлаяты аймағындағы Тәжен-Бейнеў автомобиль трассасында Өзбекстан пуқарасы Ж.Ж. басқарыўындағы автомобиль аварияға ушырады. Жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде Өзбекстан пуқарасы Ш.Х. қайтыс болды.

Өзбекстанның Ақтаў қаласындағы Бас консульханасының мағлыўматына қарағанда, транспорт басқарыўшысы ҳәм басқа 5 Өзбекстан пуқарасы жеңил жарақатлар алған және емлениўге зәрүрлиги болмаған.

Бейнеў районлық Ишки ислер бөлимшеси жол-транспорт ҳәдийсеси бойынша тергеў жумысларын алып бармақта.

Бас консульхана жағдайды қадағалаўға алған ҳәм Қазақстанның тийисли мәкемелери менен оператив байланыс орнатқан.

Консульлық-ҳуқықый департаменти марҳумның жақынлары ҳәм туўысқанларына кеўил айтады ҳәм Қазақстанның Ақтөбе, Атыраў, Маңғыстаў және Батыс Қазақстан ўәлаятларында болып турған Өзбекстан пуқаралары зәрүр жағдайларда Өзбекстанның Ақтаў қаласындағы Бас консульлығына +7-29-277-71-17 телефон номери арқалы мүрәжат етиўи мүмкинлигин еслетеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.