Министрлер Кабинетиниң «Жумыслары сапластырылып атырған кәсип-өнер колледжлериндеги үскенелерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.

Ҳүжжет тийкарында республикамызда жумыслары сапластырылып атырған кәсип-өнер колледжлери балансындағы сырт ел инвестициялары есабынан жеткерип берилген мини цехлар, устахана әсбап-үскенелери ҳәм оқыў-лабораториялық үскенелери тийисли жоқары ҳәм профессионаллық билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериледи.

 

Сондай-ақ, қарар жойбарына муўапық:

– Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелери есабындағы сырт ел инвестициялары ҳәм мәмлекетлик бюджет есабынан жеткерип берилген мини цехлар, устахана әсбап-үскенелери, оқыў-лабораториялық үскенелер ҳәм транспорт қуралларын жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрығы тийкарында мүтәжлиги болған билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериўге рухсат бериледи;

– Үскене ҳәм транспорт қуралларын республикадағы басқа министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер системасындағы билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң рухсаты тийкарында әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.