Усы жыл 1-ноябрь күни Республикалық балалар туберкулёзге қарсы гүресиў санаториясында Инновациялық Денсаўлықты сақлаў Миллий палатасы Қарақалпақстан Республикалық аймақлық бөлими тәрепинен Денсаўлықты сақлаў министрлиги, район (қала)лық медицина бирлеспелери бас қәнигелериниң қатнасыўында семинар өткерилди.

Семинарда бөлим директорының орынбасары С.Алламуратова, нәсиллик-генетикалық, тери-венерик кеселликлер бойынша қәнигелер шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 7-сентябрьдеги «Сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа нәсиллик-генетикалық кеселликлерге ушыраған балаларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди және де жақсылыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4440-санлы қарарында көрсетилген талап ҳәм ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти.

Сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлердиң алдын алыў, емлеў бойынша түсиниклер берилди.

Орынларда усы кеселликлердиң алдын алыў, саламат турмыс тәризин алып барыў, репродуктивлик саламатлықты қорғаў, туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыўға қаратылған түсиник жумысларын жүргизиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.