3-5-ноябрьде Өзбекстан аймағына Батыс Қазақстан арқалы Урал районлары (Екатеринбург) үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығаллы ҳаўа ағымы кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар тарқатты, деп жазады xs.uz сайты.

3-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде жаўын жаўады. 4-ноябрьде республика бойынша жаўын, айырым жерлерде күшли жаўын жаўады. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаўын-шашын болмайды.

Самалдың тезлиги күшейип, секундына 18-23 метрге шекем, оғада тез ескенде секундына 25-28 метрге шекем жетиўи күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги