Усы жыл 31-октябрь күни Нөкис әскерий гарнизонының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында мәжилис өткерилди. Оған Нөкис қаласында жасайтуғын 50 ден аслам резервтеги әскерий хызметкерлер қатнасты.

Мәжилисте, Арқа-Батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери бойынша басқармасы ҳәм Нөкис қалалық Ветеранлар ислери бойынша Кеңесиниң жуўапкер қәнигелери шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-сентябрь күнги «Өзбекстан Республикасы пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берди.

Қарарда, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерин Ўатанға садық, әскерий хызметке ҳәр тәреплеме таяр болған пуқаралар менен толықтырыў, әскерий бөлимлердиң мәмлекеттиң қәўипсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаўға бәрқулла таяр турыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер және олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў системасын еле де жетилистириўге бағдарланған мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген.

Усы мәселелер қатнасыўшыларға ҳәр тәреплеме түсиндирилди ҳәм резервтеги әскерий хызметкерлер менен ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилип, олардың машқалалары үйренилди. Пикир-усыныслар тыңланды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.