Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында енгизилген жаңа механизм – Бас министр ҳәм ҳүкимет ағзаларының Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Олий Мажлис палаталары алдында ҳәр шеректе есабат берип барыў әмелияты барған сайын жетилисип бармақта.

2019-жыл 31-октябрь күни парламенттиң төменги палатасында өткерилген гезектеги мәжилисте бул да айқын көринисин тапты. Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 2019-жылдың үшинши шерегиндеги орынланыўының барысы ҳаққында»ғы есабаты тыңланды.

Есабатты Бас министрдиң орынбасарлары А.Абдуҳакимов ҳәм Э.Ғаниев усынды.

Депутатлардың атап өткениндей, ҳүкимет тәрепинен парламентке алдыннан киргизилген есабатта барлық әҳмийетли мәселелер кең көлемде сәўлелендирилген. Соның ишинде, Мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жыл II-шеректеги орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты бойынша Олий Мажлис палаталары тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўы, ҳүкимет ҳәм оның қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымларға жиберилген парламентлик ҳәм депутатлық сораўларға  берилген жуўаплар терең талланған, олардың әмелий орынланыўы бойынша  анық илажлар ҳәм жуўапкерлер белгиленген. Бул ретки есабаттың алдынғаларынан өзгешеленип турған және бир тәрепи сонда, орынланған жумыслар менен бирге ҳүкимет келеси шеректе орынланыўы белгиленген режелерди анық объектлер, санлар арқалы алдыннан мәлим еткен. Есабатта мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының тийкарғы көрсеткишлери, макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық және социаллық тараўды избе-из раўажландырыўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар толық баян етилген. Әсиресе, сырт ел инвестицияларын тартыў, тартымлы инвестициялық орталықты жаратыў, республика аймақларының социаллық раўажланыў дәрежесин көтериў бағдарындағы жумыслар терең талланған.

Есабат бойынша, 2019-жылдың январь-сентябрь айларында жалпы ишки өним (ЖИӨ) өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 5,7 процентке өсти. Атап айтқанда, санаат тармақлары 7,0 процент, жәми хызметлер – 12,7 процент, усақлап сатыў саўда айланысы – 7,0 процент ҳәм аўыл, тоғай және балық хожалығы 2,4 процентке артыўы экономикалық өсиўдиң тийкарғы факторы сыпатында көрсетилген. Мәмлекетте жаратылған қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде тартылып атырған жәми инвестициялардың көлеми 46,0 процентке, қурылыс жумысларының көлеми болса 19,3 процентке өскен.

Мәмлекетлик бюджеттиң 2019-жыл январь-сентябрь айларындағы дәраматлары 79,2 триллион сумды (өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,5 есе көп), қәрежетлер болса, 86,5 триллион сумды қурады. Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң қурамында ең жоқары үлес (53,2 процент) социаллық қәрежетлерге туўра келди.

Есабат дәўиринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, оларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин сиңдириў, ҳаял-қызлардың мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған 5 басламаның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Орынлардағы исбилерменлик орайларына мүрәжат еткен 2 522 ҳаял-қызға жеңиллетилген кредит алыўда жәрдемлесилди, 35 193 и исбилерменлик жумысына тартылды. Ҳаял-қызлар ушын 53 751 жумыс орны жаратылды.

Улыўмаластырып айтқанда, Мәмлекетлик бағдарлама 274 бәнттен ибарат болып, 2019-жылдың тоғыз айында 203 бәнттиң орынланыўы белгиленген. 2019-жылдың тоғыз айында мәмлекетлик бағдарламаның 168 бәнтиниң орынланыўы толық әмелге асырылған, жуўмақланбаған 24 бәнти бойынша киргизилген ҳүжжетлердиң жойбарлары көрип шығылмақта ҳәм 11 ўазыйпаның мүддети белгиленген тәртипте созылған.

Ҳүкиметтиң усынылған есабаты, онда келтирилген ҳәр бир сан ҳәм фактлер депупатлар тәрепинен терең талланды. Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ўазыйпалар, илажлардың орынланыў жағдайы қызғын додалаўлар орайында болды. Парламент ўәкиллери орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўларда халық тәрепинен көтерилип атырған, тиккелей Мәмлекетлик бағдарламаға тийисли бир қатар мәселелерге ҳүкимет ағзаларының итибарын қаратты.

Ҳүкимет есабат бойынша ҳәр бир сиясий партияның фракциясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының ўәкиллери өзиниң сын көзқарасларын ҳәм пикир-усынысларын билдирди.

Атап айтқанда, депутатлар мәмлекетимиз басшысының сырт мәмлекетлерге әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапарларының жуўмақлары бойынша тастыйықланған «Жол карталары»нда нәзерде тутылған тапсырмалардың орынланыўын министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен өз ўақтында тәмийинлеўде кемшиликке жол қойылып атырғанын атап өтти. Бундай кемшиликлердиң мәмлекетке инвестиция ағымының кирип келиўине унамсыз тәсир етиўиниң алдын алыў мақсетинде Министрлер Кабинети тәрепинен қатаң илажлардың көрилиўи керек екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, министрликлер, уйымлар, жергиликти атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен мүрәжатлар менен ислесиўде нызамбузылыў жағдайларына жол қойылыўы нәтийжесинде 2202 лаўазымлы шахстың жуўапкершилик мәселеси көрип шығылыўы усы тараўдағы жумысларды системалы жолға қойыўда, әсиресе, лаўазымлы шахслардың орынлаў тәртиби бағдарындағы жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Додалаўларда Мәмлекетлик бағдарламаны нәтийжели әмелге асырыўда бажыхана, соның ишинде, қосымша қун салығынан жеңилликлерди усыныўға болған әмелдеги көзқарасларды қайта көрип шығыў зәрүрлигине итибар қаратылды. Исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда жергиликли ҳәкимият уйымларындағы бар бюрократиялық тосқынлық ҳәм субъектив факторларды сапластырыў бойынша ҳүкимет айрықша көрсетпеден ибарат нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ислеп шығып, қатаң қадағалаўды әмелге асырыў керек екенлиги, зәрүр жағдайларда депутатлар менен бул тараўда бирге ислесиўди жолға қойыўы пайдалы екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, депутатлар денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларына байланыслы мәселелерге итибар қаратып, Мәмлекетлик бағдарламаның 155-166-бәнтлеринде белгиленген мәмлекетлик медициналық мәкемелерди қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў системасын түп-тийкарынан көрип шығыў ҳәм жетилистириў, «қаржы имарат ушын емес, ал наўқас ушын» принципи тийкарында жумысты шөлкемлестириў, нәсиллик кеселликлериниң алдын алыў мақсетинде жақын туўысқанлар арасында некени қадаған етиў мәселесиниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, бул бағдарда үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылған нызам ҳүжжетлери жойбарларының ислеп шығылмағанын сынға алды.

Соның менен бирге, мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасына басқышпа-басқыш өтиў, денсаўлықты сақлаў талабы ушын ажыратылып атырған пул қаржыларын жыйнаў ҳәм бөлистириў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутатуғын Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша белгиленген ўазыйпа да иркилип атырғанына наразылық билдирилди. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң финанслық бийғәрезлигин тәмийинлеў, басқышпа-басқыш мәмлекетлик буйыртпа, жетилистирилген төлемли-контракт системасын енгизиў арқалы өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары елеге шекем тастыйықланбағаны сынға алынды.

Илажда депутатлар, сондай-ақ, усы жылдың IV шерегинде Мәлекетлик бағдарламаның орынланыўы үстинен системалы түрде мониторинг орнатыў, парламентлик қадағалаўдың барлық түрлеринен үнемли пайдаланыў керек екенлигин атап өтти. Мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинглердеги ҳәм өз алдына структуралық индикаторларындағы орнын жақсылаў ҳәм миллий экономикаға сырт ел инвестицияларын тартыў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, аймақларымызды социаллық раўажландырыў нәтийжесинде халықтың абаданлығын және де жақсылаў бағдарындағы илажларды нәтийжели әмелге асырылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул мәселелер бойынша депутатлардың ҳүкиметке пикир-усыныслары билдирилди.

Қызғын ҳәм әмелий, улыўма мақсетлерге ерисиў ушын өз-ара сын көзқарас руўхында өткен сораў-жуўаплардан кейин депутатлар ҳүкимет есабатын мақуллады.

Илаж жуўмағында парламент төменги палатасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети есабатын көрип шығыў жуўмақлары бойынша, тийисли жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў бойынша ҳүкимет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усынысларды өз ишине алған қарары қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети