Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-октябрь күни макроэкономикалық көрсеткишлер, салық-бюджет сиясаты, мәмлекетлик бюджеттиң усы жылы күтилип атырған орынланыўы ҳәм 2020-жылға мөлшерленген параметрлерди додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Еслетип өтиў керек, 2018-жыл 22-август күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын ҳәм бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Усы қарарға муўапық, бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын  буннан былай да арттырыў мақсетинде бюджет қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўдың жаңа тәртиби белгиленген. Усы системаға муўапық, 2020-жылдан баслап мәмлекетлик бюджет нызам түринде қабыл етиледи ҳәм халық ўәкиллери тәрепинен қадағалаўға алынады. Парламентке усынылатуғын Бюджет ҳаққындағы нызам жойбарында ҳәм Бюджет жоллаўында халық ҳәм сыртқы шериклеримизге мәмлекет бюджетиниң жағдайы ашық-айдын, халықаралық стандартларға муўапық түрде көрсетиледи.

Республикалық бюджет бағдарындағы нормативлик ҳүжжетлер Олий Мажлис тәрепинен, жергиликли бюджетлер болса орынлардағы жергиликли кеңеслер тәрепинен қабыл етиледи. Сондай-ақ, қәрежетлер тараўлар бойынша емес, министрликлер ҳәм уйымлар кесиминде тастыйықланады. Уйымлардың бийғәрезлигин арттырыў менен бирге, олардың қәрежетлер нәтийжеси ушын жуўапкершилиги де күшейтилмекте.

Енгизилип атырған жаңа системаның және бир өзине тән өзгешелиги – орайласқан бюджет сиясатынан басқышпа-басқыш ўаз кешиў. Мәселен, жергиликли бюджетлердиң дәраматын беккемлеў мақсетинде автомототранспорт қуралларын дизимнен өткериў жыйымлары жергиликли бюджетке өткерилмекте. Алкоголь өнимлери ҳәм  мобиль байланыс хызметин көрсетиў ушын акциз салығы түсимлери халықтың санынан келип шығып аймақлар арасында қайта бөлистириледи. Қосымша қун салығы ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы бойынша прогноздан арттырып орынланған бөлеги толық аймақларда қалдырылады.

2020-жылдан баслап жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматлары кеңеслер тәрепинен мақулланған бағдарларға ажыратылады. Тек ғана кешиктирип болмайтуғын қәрежетлер ҳәкимликлер тәрепинен тастыйықланыўы ҳәм кейин ала олардың дурыс жумсалғаны ҳаққында кеңеслер алдында есап берилиўи керек.

Мәжилисте мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери, келеси жылға мөлшерленип атырған прогноз параметрлери, экономикаға тәсир етиўи мүмкин болған ишки ҳәм сыртқы факторлар терең талланды.

Халықаралық экспертлер, атап айтқанда, Халықаралық валюта қоры усы жылы жәҳән жалпы өниминиң өсиўин дәслепки прогнозға салыстырғанда 1 процентке кемейип, 3 процент болыўын болжаған. Мәмлекетимиздиң тийкарғы саўда тараўындағы бирге ислесиўшилери болған мәмлекетлерде де экономикалық көрсеткишлер төменлеген. Жәҳән базарында бәсеки барған сайын күшейип, айырым мәмлекетлер арасында «саўда урыслары» даўам етпекте. Бул факторлар Өзбекстан экономикасына тәсир көрсетпей қалмайды, әлбетте.

Президентимиз макроэкономика ҳәм мәмлекетлик бюджет параметрлерин усы қәўип-қәтерлерди есапқа алып белгилеў керек екенлигин атап өтти.

– Экономика тармақларын «аяққа турғызыў», бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын кейинги еки жылда оларға барлық имканиятлар берилди. Бирақ, бул имканиятлардан пайдаланып, қайсы тармақ мийнет өнимдарлығын арттырды, өнимлердиң бәсекиге шыдамлы болыўын ҳәм экспорт қурамындағы таяр өнимлердиң үлесиниң көбейиўин тәмийинлей алды? Тилекке қарсы бирде-бир тармақты бүгинги күнде «зор иследи ямаса жоқары нәтийже берди», деп айта алмаймыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Экономика тармақларындағы системалы машқалалар, инфляция дәрежесиниң 16 проценттен түспегени халықтың төлеў қәбилетине унамсыз тәсир көрсетип атырғаны алап өтилди.

– Тийкарғы ўазыйпамыз – халқымызға мүнәсип жумыс орнын жаратқан ҳалда дәраматларды арттырыў. Орынларда экономикалық жақтан белсенди халық көп. Адамларымыз дәрамат таўып, турмыслық дәрежесин жақсылаў ушын мийнет етиўди қәлеп атыр. Буның ушын халықтың төлеў қәбилетин арттырыў ҳәм базарда өнимлерге болған турақлы талапты қәлиплестириў арқалы өндиристиң көлемин көбейтиў ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеўимиз керек, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Мәселен, кондитер, таяр сүт ҳәм гөш өнимлери, шербет ҳәм салқын ишимликлерди ислеп шығарыў бойынша 100 ден аслам әҳмийетли инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде тутыныў талабы қанаатландырылып, инфляция нормал жағдайға келиўи мүмкин екени атап өтилди.

Азық-аўқат, гөш, ун ҳәм кондитер өнимлери, кийим-кеншек, былғары аяқ-кийим, электротехника, дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыў көлемин 2020-жылда сезилерли дәрежеде көбейтиў бойынша комплексли илажлардың режесин ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Инфляция дәрежесине тәсир етип атырған және бир фактор өнимлердиң өзине түсер баҳасының жоқары екенлиги. Сол себепли, жуўапкерлерге мәмлекеттиң үлеси болған барлық кәрханаларда өнимниң өзине түсер баҳасын таллап, қуўатлықларды модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, зәрүр жағдайларда жеке меншик секторға бериў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Келеси жылда 153 үлкен инвестициялық жойбарды тек пайдаланыўға тапсырыў емес, ал бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарып, жалпы ишки өнимниң көлемин ҳәм жумыс орынларын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Соңғы жылларда шөлкемлестирилген 23 кәрхананың төмен қуўатлыллықларда ислеп атырғаны, режелестирилген айырым жойбарлардың  өз ўақтында жумыс басламағаны сынға алынды.

Министрлер Кабинетине экономикалық өсиўге ҳәм экспорттың потенциалын арттырыўға хызмет ететуғын, бюджетке түсимлерди көбейтетуғын инвестициялық жойбарларды қәлиплестириўге жуўапкер болған турақлы Жумысшы комиссияны дүзиў, инвестициялық жойбарларды ҳәм өндирис көрсеткишлериниң орынланыўын додалап барыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте экпорттың қурамы, сыртқы базардағы талап ҳәм елимиз кәрханаларының ондағы орны терең талланды.

Өзбекстан экспортының 50 проценттен асламын елеге шекем газ, алтын, гүмис, мыс, цинк, полиэтилен сыяқлы шийки затлардың қурап атырғаны, арзан шийки зат бар болған тармақлар бойынша өндирис ҳәм экспорттың жетерли дәрежеде жолға қойылмай атырғаны көрсетип өтилди. Мәселен, мәмлекетимизде былғары аяқ-қийимниң экпорты бойынша ең кеминде 1,5 миллиард долларлық потенциал болса да, ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы көрсеткиш 200 миллион долларға да жетпейди.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, «Ўзчармсаноат» ассоциациясына терини терең қайта ислеп ҳаял-қызлардың аяқ-кийими ҳәм сумкаларын, спорт үскенелерин ҳәм басқа да таяр былғары-галантереялық өнимлерди ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы экспорттың көлемин еки есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Тоқымашылық өнимлериниң экспорты соңғы еки жылда 2 есеге көбейип, 1 миллиард 600 миллион долларға жеткен болса да, оның дерлик ярымын ийирилген жип қурамақта. Сол себепли, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Ўзтўқимачиликсаноати» ассоциациясына экспортта таяр өнимлердиң үлесин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Дүньяда мийўе-овощ өнимлериниң сыртқы базары 205 миллиард долларды қурайды. Елимиздиң бул базардағы үлеси болса бир процентке де жетпейди. Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Ўзбекозиқовқатхолдинг» компаниясына мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен 55 районда егинлерди дурыс жайластырыў, «өним жетистириў –сатып алыў – сақлаў ямаса қайта ислеў – экпорт» шынжырын жаратыўшы кооперацияларды шөлкемлестириў арқалы экпорттың көлемин басқышпа-басқыш 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Машина қурылысы ҳәм электротехника товарларының қосымша қуны жоқары, оларға турақлы талап та бар. Бирақ тармақ кәрханалары бул имканияттан толық пайдаланбай атыр. Соннан келип шығып, тараў жуўапкерлерине қоңсы мәмлекетлер менен саўданы раўажландырыў. экспорттың көлемин 2-3 есеге арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Соңғы үш жылдағы жедел инвестициялық ағым себепли тараў ҳәм аймақларға көп қаржының бағдарланғаны атап өтилип, қаратылып атырған ҳәр бир доллардың нәтийжелилигине тийкарғы итибарды қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Барлық басшылар анық билип алсын, қатаң түрдеги есап-санақ, техниалық-экономикалық тийкарларсыз бирде-бир жойбарды қаржыландырыўға рухсат берилмейди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бас министрдиң басшылығында сыртқы қарыздың есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелилигин қадағалаў бойынша комиссия шөлкемлестирилип, жуўапкер уйымлардың есабын қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылған салық  реформалары түсимлердиң көбейиўинде унамлы нәтийжелер бермекте. Буны халықаралық финанс институтлары да тастыйықламақта. Мәселен, қосымша қун салығын төлеўшилердиң саны 12 есеге, пайда салығын төлеўшилердиң саны 6,5 есеге көбейген. Мийнет ҳақыға салыстырғанда салық жүгиниң кескин азайтылғаны нәтийжесинде дәрамат салығын төлеўшилердиң саны 700 мыңға, усы салық түсими болса 2 есеге көбейди.

Бул реформалардың даўамы сыпатында быйыл 1-октябрьден баслап қосымша қун салығы 20 проценттен 15 процентке түсирилип, бир қатар жеңилликлер бийкар етилди. 2020-жыл 1-январьдан баслап болса мәмлекеттиң үлеси бар кәрханаларға да бирден-бир социаллық төлем 25 проценттен 12 процентке азайтылды. Бул илажлардың нәтийжесинде келеси жылы салық төлеўшилердиң ықтыярында 12,8 триллион сум муғдарындағы қаржы қалады.

Президентимиз Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетине 2020-жыл ушын прогноз етилген бюджет түсимин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Бунда электрон есап-фактура, заманагөй маркировка, онлайн касса машинасы сыяқлы алдынғы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы салық ҳәкимшилигин жақсылаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бажыхана уйымларында нәтийжели жумыс алып баратуғын жаңа вертикал системаны қәлиплестириў, онда импортқа шығаралып атырған товарлардың баҳасын әдил баҳалаў, тәўекелшиликти таллаў ҳәм басқа да заманагөй усылларды кеңнен қолланыў, сондай-ақ, ишки қадағалаўды күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы салық жүгин азайтыў экономикаға ҳәм халықтың абаданлығына унамлы тәсир ететуғынын есапқа алып, бул мәселеге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте 2020-жыл бюджетиниң қәрежетлер бөлеги де терең талланды.

Соның ишинде, келеси жылы социаллық тараўлар ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар көлеминиң артыўы нәзерде тутылған. Мәселен, денсаўлықты сақлаў системасына бағдарланатуғын  қәрежетлер усы жылдағыға салыстырғанда 18 процент, билимлендириў тараўына – 10 процент ҳәм илимниң раўажланыўына – 47 процентке көбейеди. Сондай-ақ, билимлендириў, медицина, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығын раўажландырыў, инфраструктураларды жақсылаў сыяқлы бағдарларда 100 ге шамалас мақсетли бағдарламалар режелестирилген. Халықты дәрилик затлар менен тәмийинлеў ушын 1,3 есеге, балалар спорты бағдарламасы ушын 3 есеге, геологиялық-излеў жумысларының бағдарламасына 4 есеге көп қаржы ажыратыў мөлшерленген.

Сондай-ақ, пахташылық ҳәм бағшылықта суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, аўыл хожалығы техникасын сатып алыў қәрежетлерине де айрықша орын берилген.

Президентимиз қәрежетлер бағдарындағы ең әҳмийетли ўазыйпа қаржы-бюджет тәртиби, бағдарлынып атырған ҳәр бир сум экономика ушын қандай нәтийже берип атырғаны тийкарғы өлшем болыўы керек екенлигин атап өтти. Қаржы министрлиги ҳәм Есап палатасына бюджеттен қаржыландырылатуғын бағдарламалардың мақсетли индикаторларын белгилеў ҳәм орынланыўын баҳалаў тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәкимликлердиң финанслық бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде аймақлық қаржы уйымларын толық жергиликли мәмлекетлик уйымлар структурасына өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Автомобиль жоллары, ирригация, мелиорация сыяқлы тараўларға инвестициялық қәрежетлер бойынша үш жыллық бағдарламаны ислеп шығыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Додаланған барлық мәселелерди есапқа алып, «2020-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбарын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына усыныў керек екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА