Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, басқарма тәрепинен сапасыз дәри өнимлериниң республикамызға кирип келиўиниң алдын алыў бойынша турақлы түрде илажлар алып барылмақта.

– Шегара ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постларында пуқараларға сапасыз дәри өнимлериниң инсан саламатлығы ушын қаншелли зыян екенлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылыўына қарамастан, елеге шекем елимизге сапасы кепилленбеген дәри-дәрмақларды алып кириў жағдайлары ушыраспақта,-дейди басқарманың Баспасөз хызмети инспекторы М.Чимбергенова.

Басқарманың Контрабанда ҳәм бажыхана нызамбузыўшылығына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен «Мискин» темир жол бәндиргиси аймағында алып барылған оператив илаж даўамында пуқара Р.Г тәрепинен усындай нызамсыз ҳәрекетлер ислегенлиги анықланды.

Жолаўшы поезды арқалы елимизге кирип келген бул пуқараның қол жүклери бажыхана тексериўинен өткерилгенде, бажыхана рәсмийлестириўин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлери болмаған ҳәм шет елде ислеп шығарылған, баҳасы 10,6 миллион сумлық 3600 дана «Конкор» атамасындағы таблетка және 40 флаконда «Интести-Бактериофаг» атамасындағы дәрилерди ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Россиядан Өзбекстанға алып киятырғанлығы мәлим болды.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, республикамызда физикалық тәреплер бажыхана шегаралары арқалы жеке пайдаланыў ушын 10 атамаға шекем, ҳәр бири 5 орамнан аслам болмаған дәри препаратларын ҳәм 5 бирликтен аслам болмаған медициналық буйымларды алып кириўи ямаса алып шығыўы мүмкин.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.