Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы уйымлары тәрепинен бажыхана постларында елимизге жасырын жоллар менен товар-материаллық байлықларды алып өтиўге болған урыныўларды өз ўақтында сапластырыў бойынша қырағылық күшейтилип, дерлик ҳәр күни усындай фактлер анықланбақта.

Атап айтқанда,  «Даўыт ата»  шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстан Республикасына өтиў ушын пияда кирип келген пуқара Ж.И.ниң қол жүклери белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўынан жасырылған, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, арнаўлы коробкадағы баҳасы 24 миллион сумлық 24 дана қол саатларын нызамсыз түрде алып кирип киятырғаны анықланды.

– Сондай-ақ, усы постда елимиз аймағына Лада Ларгус маркалы автотранспорт қуралында кирип келген Ю.А.ға тийисли жүклер белгиленген тәртипте тексерип көрилди,-дейди басқарманың Баспасөз хызмети инспекторы М.Чимбергенова. – Онда бажыхана хызметкерлериниң аўызеки сораўында айтылмаған ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында да көрсетпей бажыхана төлемлерин төлемеў мақсетинде жолаўшы сыпатында киятырған пуқаралар С.М. ҳәм Қ.О.лар менен келисилген ҳалда сапасы кепилленбеген 260 жуп қысқы ыссы шулықларды жасырын жол менен алып өтпекши болғанлығы анықланды. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша тексериў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен «Куляб-Москва» жөнелисиндеги Өзбекстан Республикасы арқалы транзит түринде ҳәрекетленетуғын жолаўшы поезды белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди.

Усы поезда вагон гүзетиўшиси сыпатында киятырған Тәжикстан Республикасының пуқарасы Ж.Ш.ға тийисли болған Тәжикстан Республикасынан жөнелтпе сыпатында Россия Федерациясына берип жиберилген қол жүклери бажыхана хызметкерлери тәрепинен көзден өткерилди. Усы жүклердиң арасынан жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында мәлим етилмеген 1 дана «Калашников» автоматының бөлеги есапланған пышақты  Өзбекстан Республикасы арқалы транзит түрде алып өтпекши болғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги