Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы басшылығында  «Халық пенен ашық-айдын пикирлесиўде қарым-қатнас мәдениятының әҳмийети»   атамасында  семинар тренинг  болып өтти.

Видеоселектор усылында өткерилген илаж Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги  «Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде көрсетилип өтилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тастыйықланған илажлар режеси»  тийкарында шөлкемлестирилген болып, онда республикамыздағы барлық аймақлық  инспекция басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Семинар-тренингте Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы баслығының орынбасары Б.Мурадов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халық пенен ашық пикирлесиў ҳәм пуқаралар менен бирге ислесиў көнликпесин қәлиплестириўде қарым-қатнас мәдениятының әҳмийети бойынша кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

-Инспекция хызметкерлери жумыс бабында ҳәр күни дерлик халық арасында болып, олар менен тиккелей байланыста болады. Халық  мүрәжатлары менен ислесиўде ҳәр бир мәмлекетлик уйым ўәкиллери қарым-қатнас мәдениятына әмел етиўи тийис,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының Жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша 1-дәрежели қәнигеси  М.Пирниязова. -Бүгинги семинар-тренингте, мине усы мәселелерди ҳәм ҳәр бир агроном-инспектордың алып барып атырған хызмет ўазыйпалары, көшпели қабыллаўлар, сондай-ақ,  экспорт ҳәм импорт өнимлери ҳаққындағы мағлыўматларды инспекцияның веб-сайтына жайластырыў және FХҚ да сәўлелендирип барыў бойынша тапсырмалар  берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға  жуўап  алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.