InfinBANK UzAuto Motors автомобильлерине кредитлер усыныў мүддетин 2019-жыл 15-ноябрьге шекем созып атырғаны ҳаққында мәлим етти, деп жазады aniq.uz  сайты.

Автокредитлер 36 ай мүддетке жыллық 23,99 процент үстеме менен COBALT (4 поз. А/Т), TRACKER ҳәм MALIBU автомобильлерине усынылады. Дәслепки төленетуғын төлем автомобильдиң 25 процентин қурайды.

Бул ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы керек:

– қарыз алыўшының паспорты,

– кредит алыў ҳаққында арза,

– дәрамат ҳаққында мағлыўмат (ақырғы 6 айлық түсимлер),

– автомобиль жеткерип бериў шәртнамасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги