Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында өтип атырған илажлардың биринде қатнасып атырғанымда қол телефоныма қайта-қайта қоңыраў келе берди. Бир-еки мәрте алмасам да, соң илажсыздан сыртқа шығып, cөйлесиўге мәжбүр болдым.

-Аға мен Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасының қойымшылықлар бөлиминиң жетекшиси Аңсатбай Мустафаев едим. Нөкис қаласының күншығар тәрепиндеги «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сырғалы шейит» қойымшылығына баратуғын жолды бузып атырған автомашиналар ийелерин көптен бери услай алмай жүр едик. Ҳәзир автомашиналарды иркип турмыз. Соған илажы болса сүўретшиңиз бенен келип, жағдайды үйренип кетсеңиз жақсы болар еди.

Көп күттирмей танысымның өтинишин жерде қалдырмастан, жумысымызды жыйыстырдық та қойымшылыққа қарай жол алдық. Барсақ, ол жерде қум тийелген еки-үш үлкен маркадағы жүк автомашинасы, Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң  инспекторлары, сол жерден қум тасып алып атырған кәрхананың басшысы, Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы ҳәм «Сырғалы шейит» қойымшылығының қәнигелери турған екен.

-Соңғы ўақытлары бул жерге  баратуғын жолдың бузылып атырғаны зыяратшыларда орынлы наразылық пайда етпекте,-дейди «Сырғалы шейит» қойымшылығының бақлаўшысы Алпысбай Уразымбетов.-Ҳәр пийшемби ҳәм жума күнлери бул жерге көплеген зыяратшылар келеди, олар мархумларды еске алады, рухларына дуўа оқыйды.  Келиўшилердиң арасында жаслар менен бир қатарда жасы үлкен қарияларымыз да бар. Солай екен, жолдың насазлығынан олардың келип кетиўи қыйын болып тур.

Соңғы ўақытлары бул жолдан жүретуғын үлкен маркадағы жүк автомашиналары көбейип кетди. Бул болса, қойымшылыққа баратуғын жолдың бузылыўына алып келмекте. Соған тийисли орынлар жәрдем берсе, мақсетке муўапық болар еди.

Дәслебинде машқаланың төркини неде екенлигин түсине алмадық. Қәнигелер менен сөйлескенимизден кейин қойымшылық хызметкерлери менен аймақ турғынларының машқаласы айқынласа баслады.

-Қойымшылыққа жақын жерде карьер ашылып, ол жерден үлкен маркадағы жүк автомашиналарының қум ҳәм ракошка тасыўы нәтийжесинде жолды ўайранлап атыр,-дейди аймақ турғынларынан бири Жақсыбай Утегенов.-Бул келип-кетиўши зыяратшыларға қыйыншылықлар туўдырмақта. Бизлердиң өтинишимиз есапқа алынып, жолымыз оңлап берилсе, көпшиликтиң алғысын алған болар еди.

Мәлим болыўынша, қойымшылыққа жақын жерден «Қызкеткен гербиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қумлар тасып алынып атырған екен. Ҳәр күни қум тасыўшы автомашиналардың усы жолдан жүриўи себепли  жол жарамсыз ҳалатқа келип қалған екен. Дурыс, исбилерменниң бул жерден қум алыўы ушын тийисли орынлардан рухсатнамасы бар.  Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы ҳәм «Сырғалы шейит» қойымшылығы қәнигелериниң айтыўынша, исбилермен қумларды басқа жол арқалы тасып алса, қойымшылыққа баратуғын жолға зыяны тиймесе, оның жумысына ҳеш кимниң даўы жоқ.

Усы жерде айта кететуғын нәрсе, елимизде қойымшылықларды тәртипке келтириў, мархумларды жерлеў ҳәм оларды зыяратлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 4-апрельдеги «Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы Режеси тийкарында әмелге асырылады. Бул ҳүжжетте белгилеп қойылғанындай, қойымшылықлар материаллық-мәдений мийрас объектлери қатарына киргизилиўи мүмкин.

Қойымшылықлар районлық, қалалық мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының тиккелей қарамағында болады, оларға қойымшыларды зәрүр дәрежеде сақлаў ҳәм абаданластырыў миннетлемеси жүкленеди,-делинген. Районлық (қалалық) абаданластырыў басқармалары ҳәм қойымшылық ҳәкимшилиги оның аймағында зәрүр дәрежеде тәртипти тәмийинлеў, бас қыябан, тийкарғы ҳәм екинши дәрежели жолларда тосықсыз жүриў ҳәм өтиў имканиятын (қардан тазалаў, музды майдалаў, қум себиў ҳәм усы сыяқлыларды) тәмийинлеўи шәрт, деп көрсетилген.

Режеде сондай-ақ, қурылып атырған, майданы 20 гектардан  40 гектарға шекем болған комплексли, көп конфессиялы, аралас ҳәм дәстүрий жерленетуғын қойымшылықлар ушын санитария-қорғаў аймағы 500 метр, 20 гектардан аз болған қәбиристанлар ушын 300 метр болыўы керек,-деп белгиленген. Қәбирстан қәнигелериниң бизге мәлим етиўинше, исбилермен 80 метр аралықтан қум қазып алып атырған. Атап өтилген режениң орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар, район, қала ҳәкимликлери ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар тәрепинен олардың ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады. Оның талапларының бузылыўында айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўап береди.

Халқымызда «Өли сыйлаған бай болар»,-деген даналық гәп бар. Қәбирстанларды абаданластырыў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз. Елимизде исбилерменликти раўажландырыўға берилип атырған мүмкиншиликлерди қоллап-қуўатлаймыз ҳәм олардың жумысларына араласыў нийетимиз жоқ. Солай болса, бир исбилермен нобай пайда көреди деп, сонша халқымыз, соның ишинде,  жақында ғана жақын-жуўығынан айрылған инсанлар жәбир шекпеўи тийис.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.