Президентимиздиң 2018-жыл 13-июльдеги «Суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы системаның абырайын арттырыў, судларды қәнигелестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болмақта.

Пәрманға муўапық, судлардың жумыслары туўралы кең жәмийетшиликти ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен баспасөз әнжуманларын шөлкемлестириў дәстүрге айланды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасында Қарақалпақстан Республикасының жынаят, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик ислери бойынша судларының басшылары, Нөкис қаласындағы МПЖ баслықлары ҳәм белсендилери, журналистлердиң қатнасыўында гезектеги баспасөз конференциясы өткерилди.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Адилов, Экономикалық судының баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Г.Зариповалар тәрепинен 2019-жылдың тоғыз айы даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы толық мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды ҳәм район, қала судлары тәрепинен есабат дәўиринде 912 (1313) шахсқа қарата 744 (1044) жынаят иси көрилип тамамланып, өткен жылдың усындай ўақтына салыстырмалы түрде шахслар бойынша 30,5 процентке, ислер бойынша 28,7 процентке азайған.

Көрип тамамланған ислерден судланған шахслардың саны 567 (832) ни қурап, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 31,8 процентке азайған.

Көрилген ислер бойынша жаслар аўқамынан келген 7, мәкан-пуқаралар жыйынларынан келген 28 ҳәм ҳаял-қызлар комитетлеринен келген 10 кепиллик хаты тийкарында судланғанларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар қолланылған яки оларға минез-қулқын өзгертиў ушын имкан берилип, шәртли сынақ мүддетлери белгиленген.

Жынаятшылықтың алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысларын еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде суд әмелиятын үйрениў ҳәм таллаў бойынша 25 (9) улыўмаластырыў суд жумысы тараўлары және жынаят ислериниң категориялары бойынша өткерилди. Нәтийжеде, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге тийисли усыныслар берилди. Сондай-ақ, өткерилген улыўмаластырыўлар барлық судлар ҳызметкерлери қатнасында додаланып, тийисли илажлар көрилди.

Судлар тәрепинен жынаятлы ислерди көшпели суд мәжлислеринде жәмийетшиликтиң қатнасында талқылаў арқалы ҳалықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиў ҳәм сол арқалы жүз бериўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў жумыслары жеделлестирилмекте.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаятлардың тийкарғы себеплери ҳәм оны келтирип шығарған барлық шараятлар үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде судта көрилген ислердиң 70 процентин қураған 520 ис бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, кең жәмийетшиликтиң итибарын нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўиниң себеплерине қаратып, оларға қарсы гүресиўге қосыў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды ҳәм районлараралық (район) судлары тәрепинен, жәми 6987 (2018-жылда – 8034) пуқаралық ислер болған, өткен жылға салыстырғанда бул көрсеткиш 1047 иске азайған.

Тамамланған 1972 пуқаралық ис көшпели суд мәжилислеринде көрилген болып, бул жәми көрилген пуқаралық ислердиң 37,2 процентин қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, есап-бериў дәўиринде улыўма 17084 шахстың қарсысына 15051 ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислер көрилип, тамамланды.

Соның ишинде, 11114 шахстың қарсысына 9965 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, 5970 шахстың қарсысындағы 5086 ҳәкимшилик ис өндиристен қысқартылды.

Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған шахслардан 9612 шахсқа жәрийма, 126 шахсқа арнаўлы ҳуқықтан айырыў ҳәм 1375 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жаза шарасы қолланылды.

Ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 9612 ҳәкимшилик ис бойынша 8588 шахсқа улыўма 8 миллиард 427 миллион 191 мың 891 сум жәрийма жазасы тайынланып, соннан жәми тайынланған жәрийманың 80,1 проценти өндирилди.

Усы дәўир ишинде исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 1042 шахстың қарсысындағы 996 ҳәкимшилик ис көрилип, соннан 457 шахстың қарсысындағы 446 ис бойынша ҳәкимшилик жаза тайынлаў ҳаққында қарар шығарылған болса, 585 шахстың қарсысындағы 550 ис өндиристен қысқартылды.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен 728 ғалаба-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрилип тамамланған.

Жәми көрип тамамланған ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислердиң 8889ы, яғный барлық көрип питкерилген ислердиң 56,3 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрилиўи тәмийинленди.

Соннан, ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери  бойынша 728 арза көрилген болса, соннан 524 ис бойынша пуқаралардың мүрәжатлери қанаатландырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.

155 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылды, 14 ис бойынша даўа көрилместен қалдырылды ҳәм 35 ис өндиристен қысқартылды.

Ал, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен, жәми 5135 экономикалық ислер көрилген болып, усы ислер бойынша даўагерлердиң пайдасына 329 млрд. 839 млн. сум өндириў ҳаққында суд қарарлары қабыл етилди.

Экономикалық судлар тәрепинен жәми 3441 экономикалық ислер көшпели суд мәжлислеринде көрилген болып, бул жәми көрилген даўлы ислердиң 73,8 процентин қурайды.

Киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер қатнасында жәми 3699 ислер кѳрилип, олардың пайдасына 17 млрд. 493 млн. 350 мың сум өндириў ҳаққында қарарлар қабыл етилген.

Соннан дийқан ҳәм фермер хожалықлары қатнасында жәми 1683 ислер кѳрип шығылып, олардың пайдасына 1 млрд. 299 млн. 870 мың сум өндириў ҳаққында шешиўши қарарлар қабыл етилген.

Экономикалық судлар тәрепинен республика бюджетине 8 млрд. 783 млн. 350 мың сум мәмлекетлик бажы өндириў ҳаққында қарарлар қабыл етилген, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырылғанда бул көрсеткиш 5 млрд. 307 млн. 100 мың сумға көбейген.

Ыхтыярый төленген мәмлекетлик бажы пулы муғдары 915 млн. 630 мың сумды қурайды.

Районлараралық (район) экономикалық судларында 182 суд мажлислери видеоконференц байланыс режиминде ѳткерилип, нәтийжеде дерлик 100 миллион 435 мың сум қәрежет үнемленген, соннан мәмлекетлик ҳәм бюджет шөлкемлери бойынша үнемленген қәрежет 12 миллион 399 мың сумды қурайды.

Cуд баслықлары ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди. Жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, «Мениң мәҳәллем-мениң судьям!» сүрени тийкарында алып барылып атырған үгит-нәсият жумыслары, сондай-ақ, көшпели суд мәжилислеринде журналистлердиң қатнасыўын тәмийинлеўдиң ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийети хаққында пикир-усыныслар билдирилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы