30-октябрь күни саат 00:20 да үш автомобильдиң соқлығысыўы жүз берди.

Nexia автомобилиниң басқарыўшысы 33 жасар Салим Р. светофорда тоқтап турған 27 жасар Акромжон Ч. басқарыўындағы Matiz бенен соқлығысты. 30-октябрь күни саат 00:20 да Ташкенттиң Яшнобод районы Ферғана жолы көшесинде үш автомобильдиң соқлығысыўы жүз берди деп жазады gazeta.uz сайты Ташкент ИИББ баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына сүйенип.

Изинен келип урылған автомобильдиң  жылжытыўы нәтийжесинде Matiz жолдың қарама-қарсы тәрепинен ҳәрекетленип киятырған 35 жасар Аҳролбек Ю. басқарыўындағы Spark пенен соқлығысты.

ЖТҲ нәтийжесинде Акромжон Ч. дене жарақатларын алып, медициналық жәрдем көрсетилди. Matiz автомобилиниң 19 жасар жолаўшысы Даниел А. алған жарақатлары ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги