САЙЛАЎ-2019

Усы жылдың 30-октябрь күни Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеминиң XII конференциясы болып өтти. 

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия конференцияларында сайланған делегатлар, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияның күн тәртибине бола партия шөлкеминиң ҳәм қадағалаў-ревизиялық комиссияның 2015-2019-жыллар даўамындағы алып барылған жумыслары бойынша есабаты, Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан либерал-демократиялық партиясының IX съездине делегатлар сайлаў, шөлкемлестириў мәселеси, усы жылдың декабрь айында болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысы ҳәм алда турған ўазыйпалар додаланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов шөлкем тәрепинен 2015-2019-жыллар даўамында алып барылған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей. елимиз басшысының Пәрманы менен қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясының «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў» деп аталған биринши бағдарын әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәкимият системасында Олий Мажлистиң, елимиздиң турмысында сиясий партиялардың ролин күшейтиў, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў нәзерде тутылған. Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, партияның алға қойған мақсет және ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў, партия ағзаларының санын көбейтиў бойынша бир қатар унамлы жумыслар алып барылды.

2014-жылда республикамыз бойынша партия ағзаларының саны 13 мыңнан, партия шөлкемлериниң саны 600 ден аслам болған болса, бүгинги күнге келип 48483 партия ағзасы 986 басланғыш партия шөлкемине бириктирилген ҳалда жумыс алып бармақта.

Өткен сайлаўларда республикамыз бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 8 округтен 3 депутат, Олий Мажлис Сенатына 3 сенатор, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округтен 25 депутат, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 413 округтен 147 депутат сайланып, сиясий партиялардың республикамыздағы шөлкемлери арасында ең жоқары көрсеткишке еристи.

Партиядан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм  халық  депутатлары  жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар  тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде 2780  депутатлық сораўы жиберилген болып,  депутатлық топарлар тәрепинен 1471 мәрте ҳәмелдар шахслардың есабаты тыңланды. Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң  сессияларына 273 усыныс киргизилди ҳәм ол бойынша 258 қарар қабыл етилди. Өткен дәўир ишинде жергиликли Кеңеслердиң депутатларының басламасы менен 600 ден аслам мәселе депутатлық топарларда додаланып, халық депутатлары жергиликли Кеңеслердеги турақлы комиссиялардың мәжилислеринде 403 усыныс киргизилип додаланған ҳәм олар бойынша 376 қарар қабыл етилди.

Илажда партияның мақсет және ўазыйпаларын орынларда үгит-нәсиятлаў, электорат ўәкиллери болған исбилерменлер менен фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, партия жанындағы бөлимлер тәрепинен әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бир қатарда жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көзқарастан додаланды.

Быйылғы жылы елимизде сайлаўлар жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында «Жаңа Өзбекстан-Жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткериледи. Бул сиясий мапазға елимизде ҳәрекет етип турған бес партия қатарында ӨзЛиДеП партиясы да жуўапкершиликти сезинген ҳалда сайлаўалды үгит-нәсият жумысларын алып бармақта. Атап айтқанда, сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен сайлаўалды штаблары дүзилип, сайлаў кампаниясы дәўиринде әмелге асырылатуғын жумыслардың календарьлық режеси тастыйықланды ҳәм усы тийкарда жумыслар алып барылмақта.

Конференцияда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ағзалары, Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан либерал-демократиялық партиясының IX съездине делегатлар сайланды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.