Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Усы жыл 22-декабрьде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул процессте халықтың ҳуқықый мәдениятын, атап айтқанда, сайлаў нызамшылығынан хабардарлығын арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.  Сол себепли орайлық сайлаў комиссиясынын қарары менен мәмлекетимиз бойлап «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» өткерилмекте.

– Усы мүнәсибет пенен республикамыздың барлық аймақларында, мийнет жәмәәтлеринде Сайлаў кодексиниң мазмун-мәнисин халыққа жеткериў, сайлаўлардың мәмлекетимиздиң сиясаты, халқымыздың турмысындағы әҳмийетин түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға байланыслы көплеген ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси Абубакир Отарбаев.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала)лық әдиллик бөлимлери тәрепинен бүгинги күнге шекем, жәми 335 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылған болса, соның 205и (мийнет жәмәәтлеринде 51, мәҳәллелерде 98, билимлендириў мәкемелеринде 46 ҳәм басқа орынларда 10) аўыз-еки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары болып есапланады. Сондай-ақ, телевидение арқалы 14, радиодан 26, газеталарда 67 материал берилди, журнал ҳәм социаллық тармақлар арқалы шығыўлар әмелге асырылды.

Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндириў бойынша мәҳәллелерде ушырасыўлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланып, орынларда ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары өткерилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.