Усы жылдың 29-31-октябрь күнлери Ташкент қаласындағы «Өзэкспоорай» комплексинде өткерилген дәстүрий «InnoWeek-2019» инновациялық идеялар ҳәптелиги шеңберинде елимиздиң 14 жас излениўшилерине «Инновациялық идеялар жетекшиси» көкирек белгиси тапсырылды. Инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды раўажландырыўға, оларды әмелиятқа енгизиўге мүнәсип үлес қосқан жас илимпазларға, студент ҳәм интакер пуқараларға берилетуғын бул көкирек белгисине Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының 3-басқыш студенти Әрман Нурниязов та ылайық деп табылды.

2019-2020-оқыў жылы ушын арналған «Беруний» мәмлекетлик стипендиясы ийеси Ә.Нурниязов бүгинги күнде илимий басшысы, техника илимлериниң докторы Қуўаныш Сейтназаров пенен биргеликте «Есаплаў машиналары, компьютер тармақларының математикалық ҳәм программалық тәмийнаты» бағдары бойынша излениўлер алып бармақта. Ол 2018-жылы елимизде жоқары оқыў орынларының студентлери арасында өткерилген математика пәни олимпиадасында сыйлы орынды ийелеген еди. Әрманның быйылғы алған көкирек белгиси оның және бир табысы болды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы