Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзлериңизге белгили, усы жыл 22-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.

Быйылғы сайлаўлар «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар!» сүрени астында өткериледи. Сайлаў процесинде қатнасыў, пуқараларға участка сайлаў комиссиясында болып өтетуғын сайлаў процесслериниң нызамлылығын ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўде үлкен жуўапкершиликлерди жүклейди.

Сайлаў – бул пуқаралардың сайлаў кампаниясында қатнасыў жолы менен сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықын әмелге асырыў формасы болып, пуқаралардың жәмийет ҳәм мәмлекет жумысларында тиккелей ҳәм өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықын береди.

Сайлаўлардың ҳуқықый тийкарларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Сайлаў, Жынаят, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекслери және Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳүжжетлер қурайды.

Быйылғы болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қатнасықлар Сайлаў кодекси, соның менен қатар Қарақалпақстан Республикасында Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамы менен де тәртиплестириледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-декабрдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында, Сайлаў кодексин қабыл етиў зәрүрлигин билдирген ҳалда,  мәмлекетимиздиң сиясий турмысында үлкен әҳмийетге ийе болған сайлаў нызамшылығы бир қатар нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерден ибарат болса да, бирақ, ҳәзирге шекем бир пүтин ҳүжжет формасына келтирилмегенлигин атап өтип, халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў ўазыйпасын қойған еди. Соған тийкарланып 2019-жыл 25-июнь күни Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықырарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.

Усы жылғы болып өтетуғын сайлаўлар өзине тән өзгешеликлерге де ийе болып, Сайлаў кодексине муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслерге сайлаўларда 5 сиясий партия тиккелей қатнасады.

Сайлаўларда қатнасатуғын пуқаралар 150 сайлаў округинен қойылған талабанлар ушын даўыс береди ҳәм сайлаўларда қатнасатуғын сайлаўшылардың саны алдынғы болып өткен сайлаўларға қарағанда көпшиликти қурайды. Бунда пуқаралардың даўыс бериў ҳуқықын және де кепиллеў мақсетинде, социаллық қәўипи үлкен болмаған, онша аўыр болмаған жынаят ислеген шахсларды сайлаў ҳуқықы әмелге асырылады ҳәм сайлаўлар процесин ашық-айдын тәризде шөлкемлестириў мақсетинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары  тәрепинен бақлаўшы ўәкилдиң қатнасыўы кепилленеди.

Нызам талаплары тийкарында Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликлер белгиленген.

Атап айтқанда, Сайлаўға тийисли нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы 8 статья өз көринисин тапқан. Соннан, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 514-статьясына тийкарланып «Талабанның, исенимли ўәкилдиң, бақлаўшының яки сиясий партияның ўәкилликли ўәкилиниң ҳуқықларын бузыў», — лаўазымлы шахсларға ең кем мийнет ҳақының бес есесинен он есисине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Сондай-ақ, 515-статьясына муўапық «Сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды, референдумға қойылған мәселелер бойынша үгит-нәсиятты алып барыў шәртлери ҳәм тәртибин талабан, исенимли ўәкил, сиясий партия ўәкили, лаўазымлы шахс тәрепинен бузыў»,—лаўазымлы шахсларға ең кем мийнет ҳақының жети есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Кодекстиң 516-статьясында болса, «Сайлаў нәтийжелерине тәсир көрсетиў мақсетинде талабан, сиясий партия ҳаққында биле тура жалған мағлыўматларды жәриялаў яки басқа да усыллар арқалы тарқатыў», — пуқараларға ең кем мийнет ҳақының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса, бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесинде ҳуқықбузарлықлар ушын жынайый жуўапкершилик мәселеси де нәзерде тутылған.

Сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 146 ҳәм 147-статьяларына муўапық, жынайый жуўапкершиликке тартыўға тийисли нормалар белгилеп қойылған.

Жынаят кодексиниң 146-статьясы Сайлаў яки референдум шөлкемлестириў, оларды өткериў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў «Сайлаў яки референдум шөлкемлестириў, оларды өткериў ўақтында лаўазымлы шахслар, сиясий партиялар яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери, интакер топарлар яки сайлаў референдум комиссиялары ағзалары тәрепинен даўыс бериўдиң жасырынғанлығын бузыў, сайлаў яки референдум ҳүжжетлерин қәлбекилестириў, сайлаў яки имза қағазларына жалған жазыўлар киргизиў, берилген даўысларды биле тура  надурыс есаплаў ең кем мийнет ҳақының жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки үш жылға шекемги дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем азатлықтан шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Сондай-ақ, кодекстиң 147-статьясы менен Сайлаў ҳуқықының яки исенимли ўәкил ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына тосқынлық етиў «Пуқаралардың депутат яки Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў яки сайланыў, сайлаў алды үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳуқықларын, депутатлыққа яки Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан шахстың исенимли ўәкиллери өз ўәкилликлериниң еркин әмелге асырылыўында, соның менен бирге пуқаралардың референдумда еркин қатнасыўында зорлық ислетиў, қорқытыў, алдаў яки өзине қаратып алыў жолы менен тосқынлық етиў төрт жүз сексен саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки үш жылға шекемги мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки еки жылдан бес жылға шекемги азатлықтан шеклеў яки бес жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады» деп белгилеп берилген.

Мәмлекетимизде усы жыл декабрь айында өткерилетуғын сайлаў процесинде пуқараларымыз сайлаў кампаниясында белсенди қатнасыўы арқалы өзлериниң сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықын әмелге асыратуғынлығына, жәмийет ҳәм мәмлекет жумысларында тиккелей ямаса өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықын сайлаў нызамшылықларында белгиленген талаплар тийкарында  әмелге асыратуғынлығына исенип қаламыз.

 

Әбилқасым Өтеўлиев,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.