Пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернатында Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен дөгерек сәўбети өткерилди. Онда агентликтиң директоры Лазиз Тангриев, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Нўъмонжон Акбаров ҳәм басқалар баянат жасады.

Илажда Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен усы жыл 15-ноябрьде өткерилген елимизде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине жүкленген әҳмийетли ўазыйпалар талқыланып, «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткизетуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамның, «Китап өнимлерин баспадан шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Президенти бийлигиниң мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди.

Агентлик Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Мәлимлеме ҳәм коммуникация технологиялары мәселелери комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және мәкемелер менен биргеликте 22-ноябрьден 25-декабрьге шекем республикамыз, сондай-ақ, ўәлаятлар бойлап усындай илажларды өткереди.

ЮНЕСКО халықаралық шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, жаслардың 90 проценти тийкарғы информация дәреги сыпатында  интернетке киреди. Ҳәзирги ўақытта системада өз жанына қаст етиўдиң аңсат жолларын үгитлейтуғын 9 мыңнан аслам сайт бар. 49 процент компьютер ойынлары зорлықты, жаман иллетлерди ҳәм жаўызлықты үгит-нәсиятлайды.

Халықаралық қәнигелердиң мағлыўматына қарағанда, дүнья жүзи балаларының 42 проценти онлайн түрде тарқатылатуғын порнография тәсирине түсип қалған. Сондай-ақ, олардың 38 проценти зорлық, бузғыншылық сәўлеленген сайтларды, 26 проценти миллетшилик характердеги веб бетлерди бақлап баратуғыны анықланған. Елимизде усындай жағдайлардың алдын алыў ушын китапқумарлық мәдениятын арттырыў, балаларды зыянлы мағлыўматтан қорғаў саласында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик орган –   Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги орынларда белсенди жумыс алып бармақта.

Өткерилген илажда Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги ўәкиллери республикамызда жумыс алып барып атырған газета-журналлар, баспалар искерлигине сын көз-қарастан баҳа берди.

Дөгерек сәўбетине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

 

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы