И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музейинде «Жас скульптор» темасындағы шеберлик сабағы болып өтти.

Халқымыздың бай тарийхын, художниклер менен скульпторлар дөреткен әжайып шығармаларды балаларға терең таныстырыў арқалы оларда Ана-Ўатанға муҳаббат сезимлерин оятыў, жоқары руўхыйлық ҳәм мәдений дәрежесин арттырыў, сондай-ақ оларды мүсиншилик көркем өнерине қызықтырыў мақсетинде өткерилген илажда елимиздиң мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияланып атырған талантлы балалар, олардың ата-аналары ҳәм музей хызметкерлери қатнасты.

«Мүсиншилик көркем өнери» темасындағы шеберлик сабағы балаларда үлкен тәсир оятты. Дөретиўшилик жумыс қураллары менен танысқан балалар пластилин қуралы менен өзлери қызыққан ҳайўанларды, ҳәр қыйлы ертек қаҳарманларын үлкен қызығыўшылық пенен дөрете алды.

Илаж соңында жас скульпторларға шөлкемлестириўши музей қәнигелери тәрепинен баҳалар берилип, оларға скульптура көркем өнери бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги