Нөкисте «Универсиада-2019» спорт жарысының баскетбол бойынша аймақлық таңлап алыў басқышы болып өтти.

Жарыста Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларының ҳәм республикамыздың ер балалар ҳәм қызлар командалары келеси басқышқа жоллама алыў ушын майданға түсти.

Нөкис қәнигелестирилген Олимпияда резервлери мектеп-интернатында қыз балалар командалары өз-ара жарысты. Бунда шебер ойын көрсеткен республикамыздың сайланды командасының баскетболшы қызлары барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, финаллық басқышқа жоллама алды.

Республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебинде ер балалар командалары арасындағы жарыста да әўмет майдан ийелерине күлип бақты. Республикамыздың жоқары оқыў орынлары студент-жасларының сайланды командасы биринши орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.