«InfinBANK» АКБ UzAuto Motors  компаниясы менен бииргеликте COBALT (4 дәр. А/Т), LACETTI, TRACKER, MALIBU модельлерине 36 ай мүддетке ҳәм жыллық 23,99 процент үстеме кредит бермекте, деп жазады aniq.uz сайты.

Керекли ҳүжжетлердиң топламы:

  • – қарыз алыўшының паспорты,
  • – кредит усыныў ҳаққында арза, – айлық мийнет ҳақысы ҳаққында справка (6 ай ушын),
  • – автомобиль жеткерип бериў ушын шәртнама.

Толық мағлыўматлар мына номерлерде: +99871 202 50 60

Акция 31-октябрьге шекем даўам етеди. Шәртнамалардың саны шекленген,  акцияның тоқтатылыўы ҳаққында қосымша түрде жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги