-Мен бүгин «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойдым. Оған бола «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген күнниң үлкен тарийхый орны ҳәм әҳмийетинен келип шыққан ҳалда, 21-октябрь сәнеси елимизде «Өзбек тили байрамы күни» деп белгиленди!

Мәмлекетимиз басшысының әне усы сөзлери жаңлаған ўақытта пайтахтымыздағы жаңа ғана қурылып, иске қосылған ҳәм биринши мәрте бир неше мың мийманды қушағына алып турған Халықаралық Конгресс орайының саўлатлы сарайы ерксиз қалқып кеткендей болды. Саўлатлы сарай кеўиллердиң түбинен қайнап тасып шығып атырған шадлық сезимлери менен шапатлаўлар толқынына көмилип кетти. Жүзлер қуўаныштан жайнады. Ҳәмме қуўанышта, ҳамме бахытлы. Мен де қуўанышыма сыймай әтирапқа қарайман. Қасымда академик сүўретши Акмал Нур қолларын кең жайып, сондай толқынланыў менен қол шаппатлап атыр, ҳәзир бир сөз айтсаң, тап ушып кететуғындай! Ҳүрметли илимпаз ҳәм белгили жәмийетлик ғайраткер Оқил Салимов қол шаппатлап турып, зәңгилеси Исмоил Жўрабековқа бир нәрселерди айтып атыр. Козим Тўлаганов болса Бахтиёр Султоновқа әлле нәрселер демекте. Сал узағырақта турған Иброҳим Ғофуровтың көзлеринен жас қалқыйды…

Рас, бундай қуўанышлы демлерде сезимге бөленбей турыўдың ҳеш қандай илажы жоқ. Қәлбинде миллетине, елине, муқаддес ана тилине муҳаббаты бар болған ҳәр қандай адам сезимге бөленбей тура алмайды. Жас ҳәм жасы үлкен, пүткил миллет, бул демлерди пүткил Өзбекстан – толайым-журт бәрше – неше жыллар даўамында интизар болып күткен еди да. Ана тилимизге мәмлекетлик тил бийлиги берилгенинен берли арадан отыз жыл өткен болса да, ҳеш қандай сыр емес, көп жерлерде оның қәдди еле аянышлы, жүзи солғын, ийни салыңқы еди. Ҳәтте, өз үйинде басқа тиллерге ийилип сәлем берип турғанларына да көнип қалған едик.

Президентимиздиң Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгениниң отыз жыллығына бағышлап өткерилип атырған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлегенинде айтылған жоқарыдағы хош хабар, яғный, 21-октябрьдиң елимизде «Өзбек тили байрамы күни» депжәрияланыўы, соның ушында саўлатлы сарайдағыларды толқытып жиберди.

Ҳақыйқатында да, тамыры Орхан – Енесей жазыўларынанда өтип кеткен, Махмуд Қашғарий, Юсуп хас Ҳажип, Әлишер Наўайы, Мырза Бабур сыяқлы уллы ойшыллаарды дүньяға берген, жер жүзиндеги ең әййемги тиллер қатарындағы өзбек тилимизди бүгиннен баслап ҳәр жылы үлкен байрам етип белгилейтуғын болғанымыздан кейин толқынланбай болама?!

Оның устине Президентимиздиң «Өзбек тилиниң Мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманын айтпайсызба?! Бүгин баспасөзде жәрияланған бул ҳүжжет те шын мәнисинде тарийх есапланады. Онда өзбек тилиниң өңменин көтеретуғын барлық сораў ҳәм машқалалардың жуўаплары табылып, орын-орнында сондай көрсетип берилген, мине буны енди ҳеш бийгүман пүткил миллеттиң кеўлинде көп жыллардан берли орынланбай әрман болып киятырған жақсы нийетлердиң жарқын көриниси, десе арзыйды.

Енди ана тилимиздиң бүгини, ертеңги күни, узақ келешеги менен шуғылланатуғын, оның тәғдирине жуўап беретуғын жуўапкер уйым-Мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша өз алдына структура шөлкемлестириледи. Республика Министрлер Кабинетинде шөлкемлестирилетуғын бул структура мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин турақлы түрде қадағалайды, тараўға байланыслы машқалаларды таллап, бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўды тәмийинлейди. Тилимиздиң тазалығын сақлаў менен бирге, глобалласыў процессинде сөзлигимизге кирип келип атырған илим ҳәм техника менен басқа да тараўларға байланыслы жаңа түсиниклер, сөзлер ҳәм терминлердиң өзбекше заманагөй сыңарын табады. Усы мүнәсибет пенен жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бағдарындағы жумысларды тәртипке салатуғын Атамалар комиссиясы дүзиледи.

Пәрманда ҳәзирги ўақытта елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллериниң татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап киятырғаны, оларға өз ана тилин, үрп-әдет ҳәм қәдириятларын раўажландырыў ушын да оғада көп ғамхорлықларды көрсетиў керек екенлиги атап өтилгени, Өзбекстанның бундай кеңпейиллик сиясаты үлкемиздеги барлық ўатанласларымызға бир әлем қуўаныш бағышлайды.

Және бир әҳмийетли мәселе – тил ҳаққындағы ҳәрекетте болған Нызам ҳәм бүгинги күн талапларына толық сәйкес келмейтуғыны, оны жетилистириў зәрүр екенлиги де пәрманда атап өтилген.

Ҳәммемизге белгили, турмыс бүгин мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында ана тилимиздиң ролин арттырыўды талап етип атыр. Атап айтқанда, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, медицина, әскерий тараў, банк-финанс, юриспруденция, фундаменталь изертлеўлер сыяқлы және көплеген тармақларда өзбек тилин қолланыў шеңберин кеңейтиў биринши орындағы ўазыйпа болып тур. Буннан тысқары, сабақлықлар, сөзликлер, сөйлесиў қолланбалары. өзбек тилиниң компьютер бағдарламалары, электрон сөзликлер, мәнаўиятымызға жат мазмун ҳәм формалардағы түрли реклама ҳәм көринислердиң шет тиллерде сәўлелениўине жол қоймаў сыяқлы жумысларды қалай әмелге асырыў жоллары да пәрманда көрсетип берилген.

Өзбекстанымыз жақында ғана Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесине ағза болып киргенинде миллионлаған ўатанласларымыз қатарында мен де қуўанышға бөленген едим. Бүгин, ҳүрметли Президентимиздиң өзбек тилиниң абырай-мәртебесине бағышланған тарийхый шығып сөйлеўи ҳәм пәрманынан кейин пүткил миллеттиң кеўли таўдай көтерилди. Өйткени, тил – пүткил дүньяның барлық мәмлекетлеринде миллеттиң сүйенген таўы есапланады.

 

Абдусаид КЎЧИМОВ

ӨзА