Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясының ағзасына айланды. Бул институт ректорының Москва мәмлекетлик педагогикалық университетине сапары даўамында әмелге асырылды.

Институттың мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясы (ЕПУА) 2015-жылы Алматы қаласында FМДА мәмлекетлериниң педагогикалық университетлери ректорларының қатнасыўында өткерилген жыйналыста шөлкемлестирилген. Ассоциацияға 48 университет ағза болған.

Ассоциацияның шөлкемлестириўшилери Москва мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм Абай атындағы Қазақ миллий педагогикалық университети есапланады.

Ассоциация коммерциялық емес шөлкем болып, оның қурамына Евразия регионындағы, соннан Өзбекстан, Қырғызстан, Беларусь, Қазақстан, Армения ҳәм Россия мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынлары кириўи мүмкин.

Шөлкемниң тийкарғы хызмети, FМДА мәмлекетлериндеги Ассоциацияға ағза болған университетлер арасында халықаралық бирге ислесиўди шөлкемлестириў ҳәм педагогикалық билимлендириўди раўажландырыў, ағза университетлерде билимлендириў бағдарламасы ҳәм илимий изертлеўлердиң сапасын арттырыў, педагогикалық ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўда, фундаментал илимий изертлеўди кеңейтиўде ҳәр қыйлы дәреклерден қаржылай ҳәм материаллық ресурсларды тартыў, ағза университетлердеги студентлер, аспирантлар, оқытыўшылар ҳәм басқа категориядағы хызметкерлердиң социаллық раўажланыўына қаратылған мәселелерди шешиў болып есапланады.

Сондай-ақ, ағза университетлер арасында билимлендириў, илим, мәденият, экология, халықаралық қәўипсизлик ҳәм социаллық прогресс тараўларында бирге ислесиўди орнатып, педагогикалық университетлерде педагогикалық билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер өткериў саласында халықаралық сапа стандартларын қолланады. Педагогикалық билимлендириў системасында бирден-бир мәлимлеме мәканын раўажландырып барады.

Ассоциацияның президенти Москва мәмлекетлик педагогикалық университетиниң ректоры есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги