USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ӘҲМИЙЕТЛИ УСЫНЫСЛАРДЫ БЕРМЕКТЕ

22-октябрь күни «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетинде сиясий партиялардың қатнасыўында «Сайлаў нызамшылығының үгит-нәсиятлаў айлығы» шеңберинде брифинглер болып өтти.

Онда партиялардың жумысына жәмийетшилик тәрепинен билдирилген пикир ҳәм түсиниклер бойынша рәсмий мүнәсибетлер, сайлаўалды PR-кампаниясының алып барылыўы, партиялар тәрепинен алға қойылып атырған усыныслар ҳаққында мағлыўмат усынылды.

Жәмийетшиликти әмелге асырылып атырған жумыслардан хабардар етиў мақсетинде шөлкемлестирилген майданда биринши болып Исбилерменлер ҳәм исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының ўәкили шығып сөйледи.

Дилшод ШОУМАРОВ, ӨзЛиДеП сиясий кеңеси атқарыў комитети баслығының орынбасары:

OʻzLiDeP.jpg

– Быйыл 22-декабрь күни парламенттиң төменги палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаў болып өтеди. Бул әҳмийетли сиясий процесске 22-сентябрь күни «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар» сүрени астында рәсмий түрде старт берилген. Бул ўақыт даўамында партиямыз Сайлаў алды бағдарламаны және де жетилистирди. Онда халықтың пикири үйренилип, улыўмаластырылған ҳалда бағдарламада сәўлелендирилди.

Сайлаўалды бағдарламасына кодекс ҳәм нызамлар, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм концепцияларды ислеп шығыў бойынша 30 ға шамалас анық усыныс киргизилди. Мысал ушын, исбилерменлик мәплерин қорғаў бойынша усы күнге шекем 14 мыңнан аслам ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген. Соннан келип шығып, партия Сайлаўалды бағдарламасында тараўға тийисли ҳуқықый жақларды бир пүтин системаға салыў, әмелдеги нызам ҳүжжетлерин инвентаризациядан өткерген ҳалда Исбилерменлер кодексин ислеп шығыў белгиленди.

Партиямыз миллий нызамшылығымыз ҳәм халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда жергиликли исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын түсиникли болған бирден-бир Инвестициялық кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў идеясын алға қоймақта. Инвестициялық кодекс – Өзбекстанда инвестиция процесин системалы түрде тәртипке салыўшы бирден-бир, қурамалы ҳәм инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған ҳүжжет болыўы керек.

Биз сайлаўларға «Жаңа Өзбекстанды биргеликте қурамыз» сүрени менен кирип келдик.

Мақсуда ВАРИСОВА, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы орайлық кеңеси баслығының орынбасары:

ХДП.jpg

– Сайлаўға таярлық процессинде бәлентпәрўаз сүренлерден ўаз кештик. Себеби алдынғы сайлаўлар даўамында көплеген сүренлер жәрияланды. Бирақ түрли себеплерге олар сүренлигинше қалып кетти. Биз халықтың машқалаларын үйренип шыққан ҳалда ең әҳмийетли мәселелерди көтердик. Олардан бири дәбдебели тойлар мәселеси болып есапланады. Бул ҳәр кимниң жеке жумысы, қәлегенше қаржыны жумсай берсин, дегенлер де болды. Бирақ тойлар ҳәм басқа да ҳәр қыйлы мәресимлер ғалабалық илаж есапланады. Биз халықты өзлери ислеп тапқан қаржыны ақылға уғрас жумсаўға үйретиўимиз керек. Усы қаржы балалардың билим алыўы, кәсип-өнерди үйрениўге жумсалыўын қәлер едик. Буннан тысқары, жалланба ҳаяллардың ҳуқықларын қорғаў, оларды мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған усынысларды ислеп шығып атырмыз.

Партия Сайлаўалды бағдарламасының тйикарғы өзеги – бул жәмийетте жүзеге келиўи мүмкин болған социаллық келиспеўшиликлердиң алдын алыў болып есапланады. Оған ерисиў ушын жәмийетте ҳәр бир пуқара ушын тең имканиятлар жаратыў тәрепдарымыз. Әсиресе, социаллық әззи қатламды, яғный имканияты шекленгенлер, наўқаслар ҳәм ўақтынша жумыссызлар ушын тең имканиятлар жаратыўды мақсет етип қойғанбиз. Партиямыз көтерип атырған ең әҳмийетли мәселелерден және биреўи – бул ўақтынша жумыссызлардың ҳуқықларын қорғаў, олар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыўға жәрдемлесиў. Мийнет кодексине жаңа баплар киргизиў бойынша анық усынысларымыз бар. Онда мәмлекет ҳәм сырт елдеги мийнет мигрантларын қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Биз сайлаўларда қандай нәтийжеге ерисиўимизге қарамастан, алдымызға қойылған барлық ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўды нийет еткенбиз.

Гулуруҳ АГЗАМОВА, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы сиясий кеңеси орайлық аппаратының бөлим баслығы:

Адолат партияси.jpg

– Партияның тийкарғы ўазыйпалары арасында «Халықтың репродуктивлик саламатлығы ҳаққында», «Адам органлары ҳәм клеткаларының трансплантациясы ҳаққында», «Илим ҳаққында», «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы нызамларды қабыл етиў сыяқлы мақсетлер бар. Буннан тысқары, партияның Сайлаўалды бағдарламасында барлық мәкемелерде «ақыллы медицина»ны – электрон медицина системасы тийкарында ислеўге өткериў усыныс етилмекте. Оннан келип шығып, партия мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық хызметлер шеңбери белгиленип, төлемли ҳәм бийпул емлениў арасында анық шегара орнатылыўына ерисиў зәрүр. Бул системаның ашық-айдынласыўы онда коррупцаген жағдайлардың азайыўына түртки болады.

Партияның барлық нызамшылық басламалары сайлаўшылардың реал талапларынан келип шығады. Атап айтқанда, партия пенсияларды рәсмийлестириўде жеке компаниялардың архив жазыўларын алыў қыйын екенлиги ҳаққында пуқаралар тәрепинен билдирилген көплеген шағымлардан келип шыққан ҳалда «Архив иси ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизиў басламасы менен шықты. «Халықтың репродуктивлик саламатлығы ҳаққында»ғы нызамын қабыл етиў болса халықтың ҳәм шаңарақтың перзентсизлик мүнәсибети менен жүзеге келетуғын реал талапларынан келип шығады.

Партиямыз тәрепинен жоқары оқыў орынларында «квотасыз» билим алыў системасын енгизиў ҳәм әсте-ақырын билимлендириў мәкемелерин өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў усынысы алға қойылмақта.

Миродил АБДУРАҲМОНОВ, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы орайлық кеңеси баслығының орынбасары:

Миллий тикланиш.jpg

Партиямыз сайлаўға таярлық көриў, сайлаўалды платформасына байланыслы илажларда үгит-нәсиялаўдың жаңа усыл ҳәм технологияларынан пайдаланыўға айрықша итибар қаратып атыр.

Биз халықтың машқалаларын анық көтерип шыға алатуғын парламентти көрмекшимиз. Бул парламент адамлардың машқалаларын тиккелей өзи менен мәсләҳәтлескен ҳалда шешеди, нызамшылықта сәўлелендиреди. Партия Сайлаўалды бағдарламасында Өзбекстанда туризмди раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Инсанды өзгертпей турып жәмийетти өзгертип болмайды идеясы алға қойылмақта.

Күни кеше жаңа саўлатлы Халықаралық конгресс орайында 21-октябрь күни өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Ана тилимиз – миллий мәнаўиятимиздиң таўсылмас булағы болып есапланады. Солай екен, оған мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетиў ҳәммемиздиң тек ғана ўазыйпамыз емес, ал муқаддес инсанийлық парзымыз болып есапланады» деп атап өтти. Әлбетте, бул салтанатлы мәресим тарийхый әҳмийетке ийе болып, барлық ўатанласларымыздың кеўлинде терең из қалдырды.

Партиямыздың бағдарламасы ҳәм сайлаўалды платформасында да өзбек тилиниң заманагөй тил раўажланыўы нызамшылықлары бойынша раўажландырыў, әдебий тил нормаларына толық әмел етиў басламасын алға қоймақта.

Брифинглерде Өзбекстан экологиялық партиясының ўәкиллери қатнаспады.

 

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы