Мобиль қурылмаларды дизмге алыў, тутынған ата-аналар ушын арнаўлы курслар, туристлик потенциалы мәҳәллелердиң дизими – 1-ноябрьден күшге кириўи күтилип атырған әҳмийетли өзгерислер.

Өзбекстан Әдиллик министрлиги усы жылы 1-ноябрьден күшке кириўи күтилип атырған әҳмийетли өзгерислерди еске алды.

  1. Мобиль қурылмалар дизимге алынады.

Өзбекстан аймағында пайдаланылып атырған, сатыў ямаса жеке пайдаланыў ушын алып кирилетуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын мобиль қурылмалар физикалық шахслар, импорт етиўшилер ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханалардың мобиль қурылмаларды халықаралық өзине тән идентификация кодлары бойынша дизимге алыў системасына мүрәжат етиўи арқалы 1-ноябрьден бийпул, 1-декабрьден болса төлемли түрде дизимге алынады.

  1. Есаплағышлар тек ғана МХО ямаса БИМХП арқалы тексериўден өткериледи.

1-ноябрьден баслап есапқа алыў үскенелерин тексериўден өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.

Онда есапқа алыў үскенелерин тексериў даўамлылығы:

  • юридикалық шахслар ушын 4 жыл;
  • физикалық шахслар ушын – 8 жылды қурайды.
  1. Сақлап алатуғын ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды шаңараққа тәрбияға (патронат) алып атырған ямаса шаңарақлық балалар үйи шөлкемлестирип атырған пуқараларды таярлаў мақсетинде «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларында Сақлап алатуғын ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

  1. Суў хожалығы министрлиги уйым ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң мийнет ҳақысы артады.

Суў хожалығы министрлиги уйым ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары 1-ноябрьден 1,1 ҳәм 2020-жыл 1-январьдан 1,2 муғдарда дүзетиў коэффициентин қолланыў есабынан олардың мийнет ҳақысы арттырылады.

  1. Суў қудықларын қазыў ушын рухсатнама тийисли уйымлар менен келисилгеннен кейин бериледи.

1-ноябрьден 2021-жыл 31-декабрьге шекем Нурата, Қушработ ҳәм Зомин районларының шеңберинде жайласқан кәнлер аймағында суў алыў ушын қудықларды қазыўға рухсатнама (халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын мөлшерленген қудықлардан тысқары) Геология ҳәм минераллық ресурслар мәмлекетлик комитети тәрепинен жуўапкер уйымлар менен келисилген ҳалда бериледи.

  1. Жоқары туристлик потенциаллық пуқаралар жыйынларының дизими дүзиледи.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ең жоқары туризм потенциалына ийе болған пуқаралар жыйынларының дизимин қәлиплестиреди. Сондай-ақ, усы пуқаралар жыйынларының аймақларында 20 дан кем болмаған шаңарақлық мийман үйлери шөлкемлестирилгенде ҳәм туристлер ушын кеминде бес қыйлы хызмет түрлери көрсетилген жағдайда оларға «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусын береди.

Бул ҳаққында gazeta.uz сайты хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги