21-октябрь – «Өзбекстан Республикасының  

                        «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы  Нызамы қабыл етилген күн 

                                     

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги менен бирликте университеттиң «Мәденият сарайы»нда «Тил бар екен – миллет мәңги жасайды» атамасында илимий-әмелий әнжуман өткерилди.

Әнжуманда шығып сөйлеген тил билими қәнигелери, жазыўшы-шайырлар өзбек тилиниң әҳмийети, тил илимин раўажландырыў, оның тарийхый басып өткен жоллары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, быйыл Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толады. Бул тарийхый ҳүжжетке бола, өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкарға ҳәм жоқары статусқа ийе болды.

Ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық салаларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлераралық қатнасықлар, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жедел қолланылмақта.

Барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2008-жылы өзбек филологиясы факультетиниң шөлкемлестирилгени бул – өзбек тилиниң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў, және қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

Әнжуманда сәнеге байланыслы илажларда белсене қатнасқан студент-жасларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды ҳәм университеттиң студент-жаслары тәрепинен таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Г.Балтабаева,

ҚМУ Журналистика бағдарының 4-курс студенти.