Нөкис қаласында республикамызда Арал машқалаларына бағышланып болып өтетуғын жоқары дәрежедеги конференция алдынан шөлкемлестирилген «ARAL MARATHON»  халықаралық экологиялық марафоны болып өтти.

«Биз келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астындағы марафон Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпия комитети, Жеңил атлетика федерациясы, Миллий гвардия ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген болып, оған жоқары  ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларынан, мийнет жәмәәтлеринен еки мыңға жақын жас қатнасты.

Ҳәптелик марафонды өткериўдеги мақсет-жаслар арасында экологиялық тәрбияны раўажландырыў, олар арасында спортты үгит нәсиятлаў болып табылады. Соның менен саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде, аймағымыздағы экологиялық машқалаларды сапластырыўда халқымызды бирлестириўден ибарат.

– Президентимиздиң басламасы менен Аралбойы аймағында, соның ишинде Мойнақ районнында әмелге асырылып атырған илажларға спортшыларымыз да өзлериниң үлеслерин қосыўды мақсет еткен,-дейди Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясының бөлим баслығы, миллий дәрежедеги төреши Хасанбай Ортиқов.- 17-октябрь күни Ташкент қаласында старт берилген марафон Самарқанд, Бухара, Үргенш қалаларында, бүгин Нөкис қаласында ҳәм Мойнақ районында жоқары дәрежеде өткерилди. Буннан тысқары, орынларда жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен үгит-нәсият илажлары, концерт бағдарламалары болып өтеди.

Қызықлы өткен марафон жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Ер балалар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Қуўатжан Әбдимуратов, қызлар арасында Нөкис Олимпиа резервлери колледжиниң оқыўшысы Асалай Жумабаева финишке биринши болып келди.

 

Жеңимпазлар менен белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.