Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары ҳәм үлкен жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 17-18-октябрь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Термиз қаласында Сурхандәрья ўәлаяты ҳәм районлардың ҳәкимлери, сектор басшылары, түрли тараў ҳәм тармақлардың жуўапкерлери, белсендилердиң қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы жағдайға сын көзқарас бенен баҳа берди.

-Сиясатымыздың мазмуны, мақсети әпиўайы: мийнет етсең, рәҳәт көресең. Мәмлекет усы мийнетке, емин-еркин ислеўге шараят жаратып бериўи шәрт. Сол мақсетте қарарлар қабыл етилип атыр, бағдарлар белгилеп берилмекте. Бирақ төменги системада оларды орынлайтуғын жоқары дәрежедеги басшы аз. Ҳәкимди таярлайтуғын мектепти жараттық па, деген сораўға үнамлы жуўап жоқ. Тараў ҳәм тармақлардың аймақлық басшылары «қатып қалған», – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы өсим пәтлери ўәлаяттың ҳақыйқый потенциалы ушын жетерли дәрежеде емес екенлигин атап өтти.

-Быйыл ўәлаятқа үшинши мәрте келиўимиздиң себеби Сурхандәрья мысалында барлық басшыларға аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм имканиятларын есапқа алып, оларды жедел раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарлар ҳәм өсим тийкарларын анықлаў және толық иске қосыўды көрсетип бериўден ибарат, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәр бир министр, тараў ҳәм тармақлардың басшыларына жыл жуўмағына шекем келеси жылда Сурхандәрья ушын нелерди ислейтуғынын анық жазып, ўәлаят ҳәкимлигине усыныў бойынша тапсырма берилди.

Президентимиз Сурхандәрья ўәлаяты экономикасының бүгинги жағдайын таллап, оны раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди.

Алдын режелестирилген жойбарларды орынлаў менен бирге, келеси еки жылда әмелге асырылатуғын, улыўма баҳасы 13 триллион сумнан аслам жаңа инвестициялық жойбар ислеп шығылғаны атап өтилди.

Тоғыз айда ўәлаят кәрханалары тәрепинен 125 миллион долларлық экспорт әмелге асырылып, прогноз 104 процентке орынланған. Экспортты көбейтиў ушын «Термиз Карго Центр» логистика орайы аймағында еркин саўда зонасын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди. Бул зонаға анық бағдарлар бойынша визасыз кириў, экспорт-импорт ҳәм транзит жүклери ушын бажыхана, карантин ҳәм басқа да хызметлерди «Бир айна» принципи тийкарында әмелге асырыў мүмкин болады.

Аўыл хожалығын диверсификациялаўды даўам еттириў, 2020-жыл Ангор , Қизириқ, Музрабод, Термиз ҳәм Шеробод районларында 40 мың гектар жеңишке талшықлы ғаўаша сортларын жайластырыў зәрүрлиги атап өтилди. Жер майданларынан келип шығып, кластерлер тәрепинен ири шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Ўәлаятта бир жылда таярланатуғын 870 мың данадан аслам терини қайта ислейтуғын бирде-бир кәрханаға жоқ екенлиги сынға алынып, «Ўзчармсаноат» ассоциациясы, Экономика ҳәм санаат министрлиги, ўәлаят ҳәкимлигине заманагөй былғары аяқ кийим кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Термиз қаласында Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы өз жумысын баслады.

Өзбекстан – уллы ойшыллар жери. Муқаддес жеримиз әзелден адамзат цивилизациясын, әсиресе, ислам дини ҳәм мәдениятының раўажланыўына  шексиз үлес қосқан уллы ойшылларға бесик болған. Атап айтқанда, IX-XII әсирлерде елимизден көплеген илимпазлар, ҳәдистаныўшылар жетилисип шыққан. Мине усындай уллы уламалардан бири Абу Иса Муҳаммед Термизий болып есапланады.

Абу Иса Муҳаммед Термизий (Имам Термизий) ҳәзирги Шеробод районында бизиң эрамызға шекемги 824-жылы дүньяға келип, 892-жылы қайтыс болған.

Абу Иса Термизий оннан аслам дөретпелер жаратқан. Олардың арасында ең белгилиси «Сунани Термизий» («Саҳиҳий Термизий») китабы болып есапланады. Бул басқа да ҳәдислердиң топламлары арасында тәртиби ең ықшам шығарма болып есапланады.

IX әсир ҳәдис илиминиң алтын дәўири саналады. Бул дәўирде жүзлеген ҳәдистаныўшылар арасында ең жоқары мәртебеге ерискен алты уллы имам белгили ҳәдис китапларын жазған. Бул шығармалар Қураны кәримнен кейинги ең исенимли дәрек болып есапланады. Бул «кутуби ситта», яғный ең ҳақыйқый (ең дурыс, ҳақыйқый) алты ҳәдис китабының еки авторы бизлердиң уллы ата-бабаларымыз Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий болып есапланады.

Усы ўақытқа шекем Имам Термизийдиң өмири дерлик үйренилмеген. Соңғы жылларда миллий-диний қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, ойшыллардың мийрасын илимий түрде терең үйрениў, жас әўладты ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўға қаратылып атырған жоқары итибар себепли ойшыл бабамыздың мийрасы да қәдир тапты.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен буннан еки жыл алдын Шерабад районындағы уллы бабамыз жерленген зыяратлаў орнында үлкен қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде зыяратшыларға барлық шараят жаратылған саўлатлы комплекс қурылды.

Президентимиздиң 2017-жыл 14-февральдағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы Термизий ойшылларының бийбаҳа мийрасын илимий түрде терең үйрениў ҳәм халықаралық жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўда жоқары әҳмийетке ийе.

Усы қарар тийкарында Термиз қаласында Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы бой тикледи. Орайда ислам дининиң, Қураны кәрим ҳәм ҳәдийс илиминиң түп мәниси, ҳәдистаныў мектебиниң илимий-руўхый тийкарлары Имам Термизий ҳәм Термизий уламалар, елимизден жетилисип шыққан ойшыл бабалардың мийрасы терең үйрениледи, жазба дәреклери системалы тәризде изертленеди. Олардан диний тәлим, руўхый әдеп-икрамлылық тәрбия жумысларында пайдаланыўға қаратылған сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары, илимий-көпшилик басылымлар, илимий-әмелий усыныслар таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы орайға барып бул жердеги жаратылған шараятлар менен танысты. Уллы ҳәдистаныўшы Имам Термизийдиң өмири ҳәм шығарамаларын терең үйрениў, жас әўладқа жеткериў, халқымызға түсиникли тилде китаплар басып шығарыў бойынша усыныс берди. Бул жерде илимий-изертлеўлер алып барыў ушын мүнәсип шараят жаратыў, илимпазлардың халықаралық илимий конференцияларда қатнасыўын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы орайда  изертлеўшилерге барлық шараят жаратылған. Орай жанында Ҳәким ат-Термизий атындағы жомеъ мешити қурылған.

Елимизде «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» сүрени тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға үнлес бой тиклеген орай уламаларымыздың мийрасын илимий көзқарастан үйрениўде әҳмийетли қәдем болды.

Орайға жас изертлеўшилер, потенциаллы илимпазларды тартыў, термизийлердиң дүнья бойлап тарқап кеткен дөретпелериниң көширмелерин алып келип изертлеў мәкемениң әҳмийетли ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Усы жерде Султан Саодат комплексин реконструкциялаў, оның аймағында мешит, автомобильлер туратуғын жер ҳәм комплекске келетуғын жол бойында үлги турақ жайлар қурыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз Термиз қаласындағы жипекти қайта ислеўге қәнигелестирилген  «Сурхон ипаги» кәрханасында болды.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда пиллешилик раўажланбақта. Жипек қуртынан төрт, айырым аймақларда бес мәртеге шекем өним жыйнаў жолға қойылды. Жипектен қымбат баҳалы гезлеме, гилем ҳәм басқа да үскенелер ислеп шығаратуғын кәрханалар шөлкемлестирилмекте, олар ислеп шығарып атырған өнимлердиң есабынан тармақта экспорт көлеми артпақта.

Сурхандәрья ўәлаяты усындай аймақлардан бири болып есапланады. Бир жыл алдын Президент Термиз районында болып, наўқан қурты туқымгершилиги кластери менен танысқан еди. Бүгин ўәлаятта мине усындай кластерлердиң екеўи, жыл ақырына шекем және үшеўи иске қосылады. Нәтийжеде пиллени заманагөй, инновациялық усылда жетистириў муғдары артады, жумыс орынлары көбейеди.

Президент «Сурхон ипаги» кәрханасының имканиятлары менен танысыў ўақтында жипекшилик туризмин үгит-нәсиятлайтуғын бундай орынларды көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Кәрханаға жипекти қайта ислеў, шийки затты ийириў, жипек мамығын ислеп шығарыў ушын заманагөй технологиялар Қытайдан келтирилген, сапа қадағалаўын алып барыў, жипектен жәҳән стандартларына тән өним ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге жәрдемлесиў мақсетинде сырт елден қәнигелер тартылған.

Ўәлаятттың бир қатар районлары «Сурхон ипаги» кәрханасына кластер усылында жипек жетистириў бойынша бириктирилген. Наўқан қуртын бағыў ушын от-жем базасын жаратыў, климатқа сәйкес тут нәллерин тәрбиялаў, жылына төрт рет наўқан қуртын бағыў имканиятын беретуғын пиллеханалар қурыў жолға қойылған.

Бүгинги күнде «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы қурамындағы кәрханаларда наўқан қурты от–жем базасының тут нәллерин жетистириўден баслап, таяр жипек халына шекем ислеп шығарыў қурамалы жағдайға жеткерилди. Енди пилле талшығынан сапалы жипек таўарлар ислеп шығарыў ҳәм оларға гүл басыў процеси өзлестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытқа шекем өзбек пилле талшығының 80 проценти сырт елге экспорт етилип, тек ғана 20 проценти жергиликли кәрханаларда қайта исленетуғын еди. «Сурхон ипаги» сыяқлы кәрханалар есабынан бул көрсеткиш избе-изликте артып барылады.

Кәрханада өним шығарыўдан тысқары  мол дәрамат ҳәм қарыйдарларды көбейтетуғын жаңа тәжирийбелер ҳаққында да Президентке мағлыўмат берилди. Усылардан бири – туризмди раўажландырыў. Кәрхана ўәлаяттың туристлик бағдарына киргизилген  ҳәм бул жерде музей шөлкемлестирилген. Келешекте туристлерди және де көбейтиў мақсетинде Термизде жипектен ҳәр қыйлы өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен өнерментшилик орайы шөлкемлестирилмекте. Арнаўлы шоурум ҳәм жипек таўалардан кийим таярлаў цехы жумыс алып барып атыр.

Жипек өнимлери Азия ҳәм Европа мәмлекетлерине жеткерип берилмекте. Өткен жылы 2 миллион 873 мың долларлық өним экспорт етилди.

Усы жерде жипекшиликти раўажландырыў жойбарлары, ўәлаяттың туризм потенциалы ҳәм оны раўажландырыўдың қосымша имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

– Гилемлерге нағыс салып тоқыў – сийрек гезлесетуғын көркем өнер. Бул ҳәр кимниң де қолынан келе бермейди. Нағысларға миллий руўх киргизип, қарыйдарларды тартатуғын реңлерден пайдаланыў керек. Бул пүткил дүнья ушын Өзбекстан бренди болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Термиз қаласындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Сурхандәрья ўәлаяты басқармасының жумысы менен танысты.

Өткен жылы пайдаланыўға тапсырылған үш қабатлы имаратта ўәлаят ҳәм Термиз қалалық «Шаңарақ» орайлары, «Шаңарақ» китапханасы жумыс алып барады, оқыў заллары, пуқараларды қабыллаў ханасы бар. Сондай-ақ, «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фондының ўәлаятлық бөлими, «Турақлы турмыс» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Омбудсманның ўәлаятлық бөлими ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлерине де ханалар ажыратылған. Бул олардың орай менен жақын бирге ислесиўинде әҳмийетли орын ийелемекте.

«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ўәлаятлық басқармасының администрациясы үшинши қабатта жайласқан. Ханалар заманагөй түрде үскенеленген. Орай жанында арнаўлы оқыў курслары да шөлкемлестирилген.

Ўәлаятта 600 мыңға шамалас шаңарақ бар. Олардың 149 мыңнан асламы жас шаңарақлар болып есапланады. Орай хызметкерлери «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» концептуаллық идеясын турмысқа енгизиў, ажырасыўлардың алдын алыўға айрықша итибар қаратпақта. Шаңарақтағы қарым-қатнаслар ҳәм машқалалар бойынша изертлеўлер алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы шаңарақ қәдириятларын ул-қызларға жас ўақтынан дурыс түсиндириў, ҳәзирги шаңарақтағы машқалалар бойынша илимий жумыслар ислеп, турмысқа енгизиў, ҳаял-қызлар менен ислейтуғын қәнигелердиң  билимин арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Миллий үрп-әдетлеримизди қәстерлеп-сақлаў ҳәм жат идеялар менен жаңа дәстүрлердиң пайда болыў себеплерин түсиндирип, жаслардың санасын олардан қорғаў бойынша усыныслар берди.

Усы жерде Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы тәрепинен халықтың мүрәжатлери менен ислесиў, ҳаял-қызларды кәсипке қайта таярлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз шаңарақларды илимий-изертлеўде ҳәр бир аймақтың үрп-әдетлери ҳәм қәдириятларын итибарға алыў зәрүрлигин атап өтти. Шаңарақ қарым-қатнасықларына байланыслы илимий жумысларды турмыслық мысалларға тийкарланып алып барыў зәрүрлигин атап өтти.

– Шаңарақтың муқаддес қорған екенин кеңнен үгит-нәсиятлаўда илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, улыўма етип айтқанда зиялы қатламды тартыў ҳәм бул ҳәрекеттен ҳеш ким шетте қалмаўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Соның менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

ӨзА