Усы жыл  21-октябрь күни Нөкистеги кино-концерт залында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, жыйналғанларды «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгениниң 30 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымызда «Тил-миллеттиң айнасы», «Тил жасаса-миллет жасайды», «Тил миллеттиң бийбаҳа байлығы»,-деген даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўде, жәмийеттиң раўажланыўында тилдиң орны оғада әҳмийетли болып, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық болып саналады. Дүньяда ески ҳәм бай тиллердиң бири болған өзбек тили халқымыз ушын мәмлекетшилик тымсалы, бийбаҳа руўхый байлық, елимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеп киятырған қәдириятлардан бири есапланады.

Сонлықтан да, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап мәмлекетлик тилди раўажландырыўға, оны еле де байытыўға ҳәм сап ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда энциклопедия ҳәм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, соңғы жыллары Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң шөлкемлестирилгени, ана тилимизди үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог қәнигелерди таярлаў бағдарындағы  жумысларын жаңа басқышқа көтерилмекте. Әсиресе, Президентимиздиң басламасы менен белгили ойшыл ҳәм жазыўшыларымыздың атлары менен аталған дөретиўшилик мектеплериниң ашылыўы бул жолдағы әҳмийетли қәдемлерден болды, десек қәтелеспеймиз. Бул өз гезегинде, өзбек тилиниң халықаралық майдандағы абырайын буннан былайда арттырып, белсенди қатнас қуралына айланбақта.

Атап айтқанда,  түрли дәрежедеги рәсмий ушырасыўларда өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында кеңнен қолланылыўы, сырт еллердеги көплеген оқыў орынлары менен илимий мәкемелерде өзбек тили орайларының шөлкемлестирилиўи, оларда өзбек тилин үйрениўге қызығыўшылар санының артып баратырғанлығы, Япония, АҚШ, Түркия, Германия, Қубла Корея, Қытай Халық Республикасы сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларында өзбек тилиниң оқытылыўы буның айқын мысалы бола алады.

Ҳәр жылы 21-октябрь-елимизде өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн сыпатында кең түрде белгиленеди. Усы жылдың 4-октябрь күни Президентимиз тәрепинен «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгениниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы арнаўлы қарарының қабыл етилиўи елимиз ғәрезсизлигиниң руўхый тийкарларын беккемлеўде, халқымызды, әсиресе,  жасларымызды миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда айрықша орын ийелейди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 7-октябрьдеги илажлар бағдарламасында елимиздиң барлық орынларында бул сәнени кеңнен белгилеў, театр ҳәм кинотеатрларда, мәденият сарайларында уллы ойшылларымыз ҳаққындағы спектакльлерди, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди көрсетиў, мектеп оқыўшылары арасында шығармалар таңлаўын, дөретиўшилик мектеплеринде әдебий кешелер, жаңа китаплардың презентациясын ҳәм басқа да илажлар өткериў бойынша ўазыйпалар бегиленип алынды.

Илажда «Инсон ва қонун» газетасының Бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист  Қ. Нарқабыл, шайыра Г.Дәўлетова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти  С.Жумамуратова шығып сөйлеп, өзбек тилиниң жәмийетимиздиги орны ҳәм әҳмийетине тоқтап өтип, өзлериниң қосықларын оқып берди.

Мәжилисте улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлери арасында өзбек тили ҳәм әдебияты пәни бойынша өткерилген таңлаўлардың жеңимпазларына баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.