Нөкисте Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери командалары арасында мини футбол бойынша «Мәҳәлле кубоги» ҳәм стол тенниси бойынша жарысларының республикалық басқышы болып өтти.

Жарыстың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектр мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери хызметкерлери арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў мақсетинде усы жылдың октябрь-ноябрь айларында спорттың мини футбол ҳәм стол тенниси бойынша жарыс өткериў туўралы қарар қабыл етилген еди.

Усы қарарға муўапық жарыстың республикалық басқышы өткерилди ҳәм жеңимпазлар анықланды.

Стол тенниси бойынша биринши орынды Мойнақ районы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының хаткери Батырбек Нурлыбаев, екинши орынды Қоңырат районы «Гүлабад» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Светлана Искендерова, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелер Кеңесиниң есапшысы Мирбек Сапарбаев ийеледи.

Мини футбол бойынша «Мәҳәлле кубоги» жарысында Әмиўдәрья районы Мәҳәллелер Кеңесиниң командасы биринши, Тахтакөпир районы Мәҳәллелер Кеңесиниң командасы екинши, Нөкис районы Мәҳәллелер Кеңесиниң командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқанлар Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жеңимпазлар усы жылдың 1-5- ноябрь күнлери аралығында болып өтетуғын Өзбекстан көлеминдеги басқышқа жоллама алды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.