Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде усы жылдың 22-декабри күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысына бағышланған брифинг болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары, сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров болажақ сайлаўларға таярлықтың барысы туўралы кең түрде түсиник берди. Бүгинги күнге Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў бойынша 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге 425 сайлаў округи дүзилди.  Быйылғы жылғы сайлаўлардың «Жаңа Өзбекстан-Жаңа сайлаўлар» сүрени астында биринши мәрте халықаралық стандартлар және принциплер бойынша қабыл етилген Сайлаў кодекси, соның менен менен бирге Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында өткерилип атырғаны менен әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

5.jpg

Әнжуман қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық баспасөз орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде, бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм алдағы режелери менен жақыннан таныстырылды.

Сайлаўларды ашық-айдын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қуралларының атқаратуғын хызмети айрықша,-дейди хабаршымыз Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң басшысы Абдулла Ембергенов.-Солай екен, бүгинги әнжуманда сайлаўға таярлық барысында ҳәм сайлаў күни биргеликте алып баратуғын илажларымызды додаладық ҳәм ўазыйпаларды бөлистирилди

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

10.jpg

7.jpg

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.