Президенттиң тийисли Пәрманына тийкарланып алдын пайдаланыўда болған автомобильлерди тапсырып, баҳасы арасындағы парықты төлеў арқалы тазасын сатып алыў имканиятын беретуғын «TRADE-IN» бағдарламасы 2019-жыл 1-октябрьден енгизиле баслады. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Бул бойынша, ҳүкиметтиң бир қатар қарарларына «TRADE-IN» түсиниги, усы бағдарламаны қолланыў тәртиби ҳәм шәртлерин нәзерде тутағын өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, автомобильлер пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен рәсмий дилерлик кәрханаларына «TRADE-IN» бағдарламасы бойынша сатылғанда келисимниң нотариаллық тастыйықланыўы талап етилмейди.

Сондай-ақ, рәсмий дилер бул бағдарлама бойынша алдын пайдаланыўда болған автомобильди сатып алғанда, ўақтынша дизимнен өткериў ушын аймақлық Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң уйымларына усынылыўы керек болған ҳүжжетлер белгилеп берилди.

Онда, автомобильди ўақытша дизимнен өткериўде МЖҲҚХ уйымлары тәрепинен тийисли мағлыўматнама бериледи, усы мағлыўматнама автомобильди басқарыў ҳуқықын бермейди, сондай-ақ, ўақытша дизимнен өткергенлиги ушын жыйым өндирилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги