Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында басқарма ҳәм Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясының хызметкерлериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Онда басқарма баслығының орынбасары С.Ерниязов ҳәм басқа да тийисли хызметлердиң қәнигелери шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар қатарында салық хызмети тараўында да көплеген унамлы өзгерислер әмелге асырылғаны, хызметкерлер ушын барлық қолайлықлар жаратылып, социаллық жағдайы жақсыланып атырғаны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, олар арасында жынаятшылықтың, соның ишинде коррупцияның алдын алыў бойынша турақлы түрде мәжилис ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте. Бирақ соған қарамастан, Өзбекстан көлеминде алып қарағанда, тараўда хызмет етип атырған айырым хызметкерлер жолдан адасып, коррупция ҳәм басқа да жынаятшылықларға қол урған.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы системасында хызмет етип атырған хызметкерлер арасында быйыл бундай жынаятшылық жүз бермеген. Деген менен жумыс бабында ушырасатуғын айырым жағдайларда туўры жолдан адаспай, халықтың исенимин ақлаўымыз тийис.

Мәжилисте усындай мәжилис ҳәм ушырасыўларды районларда да өткериў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.