Қазақстанның Өзбекстан менен шегарада жайласқан Б.Конысбеав шегара өткериў пунктинде қайта қурыў ҳәм кеңейтиў жумысларының алып барылыўы мүнәсибети менен, 2019-жылдың 1-ноябрь сәнесинен баслап усы шегара өткериў пунктинде пиядалардың жеңил автотранспорт ҳәм 3,5 тоннаға шекемги жүк көтериў автотранспорт қуралларының ҳәрекети 2020-жылдың биринши ярымына шекем тоқтатылады.

Бул ҳаққында Қазақстанның Өзбекстандағы елшиханасының рәсмий мағлыўматына тийкарланып, Мәмлекетлик бажыхана комитети мәлим етти.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Мәмәлекетлик бажыхана комитети товар және транспорт қуралларын бажыхана шегарасы арқалы алып өтетуғын сыртқы экономикалық байланыслардың қатнасыўшылары, тасыўшылар, жеңил автотранспорт қуралларының басқарыўшыларына ҳәм пиядаларға ўақтын үнемлеў, қәрежетлердиң алдын алыў мақсетинде өзбек-қазақ шегарасында жайласқан басқа альтернатив өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетлениў мүмкин екенлигин мәлим етеди.

Мағлыўмат орнында, Қазақстанның Б.Конысбаев шегара өткериў пункти Ташкент ўәлаяты Чиноз районының «Яллама» шегара өткериў пунктине тутас есапланады.

 

ӨзА