Бүгин Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Автомобильсиз күн» акциясы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-августтағы «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги күнин өткериў ҳәм жол транспорт ҳәдийселери профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, ҳәр айдың үшинши жума күни «Автомобильсиз күн» акциясын өткериў белгиленген. Илаж автотранспорт қуралларысыз ҳәрекетлениў мүмкинлиги ҳәм зәрүрлигин  көрсетиўге, оның барлық қатнасыўшылары тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўди ғалаба түрде үгит-нәсиятлаўға қаратылған.

Жаслар орайының алдынан Туран стадионына шекемги 4 километр аралықта «Биз бенен жүр!» сүрени астында өткерилген пияда жүриўге шақыратуғын акцияда 300 ден аслам жас қатнасты.

– Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде бул сыяқлы илажларды өткериў өзине тән дәстүрге айланған, – дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Мурат Камалов. – Көплеген мәмлекетлерде ҳәр жылы 22-сентябрь «Дүнья жүзилик автомобильсиз күн» сыпатында кең белгиленеди. Кеңесимиз тәрепинен бир қатар шөлкемлер, министрликлер менен биргеликте 18-октябрь күни «Автомобильсиз күн» акциясы шөлкемлестирилди. Илаж қатнасыўшылары пуқараларды мәнзилге автомобильде емес пияда барыўға шақырды. Себеби, бундай ҳәрекет атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алыўға үлес қосады. Илажды өткериў ўақтында автомобиль ҳәрекети шекленбейди.

– Акцияда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары қатнасты, – дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң координаторы Ҳүрлиман Абатбаева. –  «Автомобильсиз күн» акциясы ҳәр айда үшинши ҳәптесиниң жума күнинде турақлы өткерилмекте. Өзимиз қатары барлық жасларды акцияда қатнасыўға шақырып қаламыз. Бул арқалы қоршаған орталыққа ҳәм денсаўлығымызға пайдасын тийгизген боламыз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы