Бүгинги күнде исбилерменлик жумысларына жақыннан жәрдемлесиў, исбилерменлерди қыйнап атырған қыйын мәселелерди шешиўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен бир қатарда ҳуқуқ қорғаў уйымларының да жәрдеми зәрүр.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы ҳәм «Төрткүл» сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана посты хызметкерлери Төрткүл районындағы фармацевтика ҳәм азық-аўқат санаатында қолланылатуғын шийше ыдыслар ислеп шығарыўшы “Тo’rtko’l shisha idislari” ЖШЖде болып, кәрхананың жумысы менен танысты.

Бажыхана хызметкерлери бул жерде бажыхана тараўына байланыслы қабыл етилип атырған жаңа нызам ҳүжжетлерин түсиндирип, жеңилликлер туўралы мағлыўмат берди.

Көлеми 6 миллион 361 мың АҚШ долларлық бул кәрхананың жыллық қуўатлылығы 21 мың 900 тонаны қурап, суткасына 60 тонна шийше ыдысларды ислеп шығарыўға мөлшерленген. Кәрханада 80 нен аслам адам жумыс ислейди.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасынан алынған мағлыўматларға қарағанда, кәрхана тәрепинен усы жылдың июль айынан берли 294 тонна шийше ыдыслар қоңсы Түркменстан Республикасына экспорт етилген.

– Бизиң жәмийетимиз жақында жумыс баслағанлығына қарамастан өнимлеримизге талап күннен-күнге артып бармақта-дейди кәрхананың ис басқарыўшысы Еркин Абдуллаев, – Көбинесе өнимлеримизди буйыртпа тийкарында ислеп шығарып атырмыз, ҳәзир биз ислеп шығарып атырған азық-аўқат санаатында қолланылатуғын шийше ыдысларымыз сыртқы, соның менен бирге ишки базарда да өз қарыйдарларын таўып атыр.

Кәрхананың техникалық үскенелерин Қытай Халық Республикасынан алып келиўимизде ҳәм рәсмийлестириў процесслеринде жасалма тосықларға дуўшар болмадық, буның ушын бажыхана хызметкерлеринен миннетдармыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.