USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БАРЛЫҚ МАҚСЕТ ҲӘМ ҲӘРЕКЕТЛЕРИМИЗ ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АБАДАНЛЫҒЫ, ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗДИҢ КЕЛЕШЕГИ, ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ ТЫНЫШЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ ҚАРАТЫЛҒАН

Президентимиз Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы реформалар, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 17-октябрь күни Сурхандәрья ўәлаятына барды.

Ўәлаятты комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы тийкарында усы жылдың 9 айында 575,2 миллиард сумлық 263 жойбарды иске қосыў режелестирилген. Өткен дәўирде 696 миллиард сумлық 329 жойбар әмелге асырылып, 2 мың 523 жумыс орны жаратылды. 122 мың 750 долларлық санаат өнимлери, мийўе-овощ, палыз ҳәм басқа да өнимлер экспорт етилди.

Усы жылдың 9 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жалпы аймақлық өним 5,8 процентке өсти. Санаат өнимлериниң көлеми 7,3, аўыл хожалығы 3,4 халық тутыныў товарлары 6,8, хызмет көрсетиў 11,1 процентти қурады. Жалпы аймақлық өнимде киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң үлеси 79,8 процентке жетти.

Президентимиз Сурхандәрья ўәлаятына бул ретки сапарын дәстүрге бола Ҳәким Термизий мавзолейин зыяратлаўдан баслады.

7df6247d-00bb-5780-5523-0a26cb20539e.jpg

Соңғы жылларда оңланып, және де абат ҳәм гөззал комплекске айланған бул теберик жерде Қуран оқылды.

Уламалар менен болып өткен сәўбетте Ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшыл Ҳәким Термизийдиң руўхый-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм халықаралық жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳаққында сөз болды.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда миллий қәдириятларымызды тиклеў, муқаддес динимизди белгили уламаларымыздың бай мийрасын үйрениў, олардың зыярат орынларын абат етиў, тарийхый естеликлерди қәстерлеп-сақлаў жолында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы шөлкемлестирилди. Уллы уламаларымыздың атлары менен аталған диний комплекслер, жомъе мешитлер, илимий орайлар қурылды.

3e73f2de-8bc5-e731-92b1-555cac40c89d.jpg

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетимизде меҳир-ақыбет орталығын беккемлеў, билип-билмей адасқанларды кешириў, туўры жолға қайтарыў, олардың өмирде өз орнын таўып алыўына жәрдем бериў, бул бағдарда мәнаўий ағартыўшылық жумысларын күшейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Сурхандәрья ўәлаяты түрли аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде бай тәжирийбеге ийе. Фермер хожалықларынан 1  мың 997 хожалық пахташылық-ғәллешиликке, 1 мың 962 хожалық бағшылық-жүзимгершиликке, 84 хожалық мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириўге, 43 хожалық ғәллешилик-мийўе-овощ жетистриўге қәнигелескен, 888 фермер хожалығында шарўа маллары бағылмақта.

Усы жылы ўәлаят пиллекешлери 1 мың 627 тонна сапалы шийки зат таярлады. 93 мың гектардағы ғәлледен 532,5 мың тонна зүрәәт жыйнап алынып, 301 мың 216 тоннасы мәмлекетлик қабыллаў пунктлерине тапсырылды. Пилле ҳәм дән өнимлерин ислеп шығарыўдан 649,5 миллиард сум дәрамат алынып, 157 миллиард сум сап пайда алынды. Егистен босаған жерлерге қайта егиў арқалы 2 триллион 375 миллион сум дәрамат алыў мөлшерленбекте.

Ўәлаятта 17 мың 181 гектар жерде мийўе, 13 мың 300 гектарда жүзим жетистириледи. Ҳәзирги ўақытқа шекем 114 мың 700 тонна мийўе, 83 мың 300 тонна жүзим алынды.

Усы жылы ўәлаят пахтакешлери де салмақлы өним жетистирди. Ҳәзирги күнлерде мийўе-овощ, жүзим палыз өнимлери ҳәм басқа да зүрәәтлерди жыйнап алыў менен бирге пахтаны жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай жыйнап терип алыўға айрықша итибар берилмекте. Ҳәзирги күнге шекем тапсырылған 80 процент пахта есабынан 817 миллиард сум дәрамат алынып, 96 миллиард сум пайда көрилгени, мәўсим ақырына шекем бул көрсеткиш 135 миллиард сумнан артыўы күтилип атырғаны пахтакешлерди және де нәтийжели мийнет етиўге ийтермелемекте.

94453f92-5b9b-7356-675c-cfe234a4c5e2.jpg

Президент Шавкат Мирзиёев Ангор районындағы «Ангор Сурхон ғурури» пахта тоқымашылық кластери жерлеринде пахта өнимин көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы  2018-жылы январьда ўәлаятқа еткен сапары даўамында пахта тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди. Усы тийкарда Сурхандәрьяда 6 тоқымашылық кластери шөлкемлестирилди. Олар жәми пахта майдананың 67 проценттен асламын қамтып алған. 2020-жылда бул көрсеткишти 100 процентке жеткериў режелестирилген.

Кластер системасы тараўға заманагөй технологиялар ҳәм инновациялық исленбелерди енгизиўде әҳмийетли фактор болмақта. «Ангор Сурхон ғурури» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де жаңа ис усылы тийкарында жоқары зүрәәт алыў ҳәм өнимниң бәсекиге шыдамлылығы арттырылмақта. Бул кластердиң жәми майданы 9 мың 180 гектар болып, оның 8 мың 100 гектардан асламына егин егиледи. Соның ишинде, быйыл дерлик 5 мың гектар жерде жиңишке талшықлы пахта жетистирилген.

Елимиз илимпазлары тәрепинен жаратылған ғаўашаның «Сурхон-14», «Сурхон-16» сортлары еки жыл даўамында тәжирийбден өткерилди. Жиңишке талшықлы бул сорт түрли ҳаўа-райы шараятларына, суўсызлық, ыссы ҳаўа-райы ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығы, ерте писетуғыны менен әҳмийетли. Талшығының узынлығы, беккемлиги, текстильге қолайлылығы менен жәҳән базарында өтимли есапланады. Басқа сортлар менен мийнет ҳәм ресурстың жумсалыўы бирдей болған ҳалда жиңишке талшықтың экономикалық нәтийжелилиги 60 процентке көп.

– Биз жеримизге жумсап атырған қәрежетке салыстырғанда кем өним алып атырмыз. Сорт пенен, илимий агротехника менен шуғылланбай қойған едик. Мийнет өнимдарлығы, мәпдарлық төмен еди. Тийкарында жерге меҳир берген инсан бай болыўы керек. Бизиң мақсетимиз де сол. Илим болмаса, раўажланыў да болмайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент жеңишке талшықлы ғаўаша сортларын көбейтиў ҳәм егин майданларын кеңейтиў, илимпазларды хошаметлеў бойынша тапсырмалар берди. Кластерлердиң жумысын раўажландырыў перспективалары ҳаққында сөз болды.

-Енди барлық кластерлер шарўашылық комплекслерин шөлкемлестиреди. Өйткени, оларда азық-аўқат базасы бар. Шарўашылық раўажланса гөш, сүт арзан болады. Бул халқымыздың абаданлығы, балаларымыздың денсаўлығы ушын да әҳмийетли, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгинги күнде кластерлерде 900 ден аслам жумысшы ҳәм қәниге мийнет етпекте. Келешекте қайта ислеўди кеңейтиў есабынан буннан да көп жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Денов районындағы Қубла-батыс арнаўлы әскерий округине қараслы әскерий бөлимде болды.

e830dda3-ad1c-6faa-af42-0067ebc949ed.jpg

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, Қорғаныў министрлигиниң барлық әскерий бөлимлери ҳәм мәкемелериниң штат бирликлери, жеке қурам түп-тийкарынан жетилистирилмекте.

Бул әскерий бөлим де 2018-жылдан баслап аралас әскерий бөлим қурамында жумыс алып бармақта. Бул жерде мүддетли әскерий хызметкерлер 21 бағдардағы қәнигелик бойынша таярланады. Бөлимде әскерий хызметкерлер ушын барлық шараятлар жаратылған. Соның ишинде, бир ўақыттың өзинде 500 ден аслам әскерий хызметкерге әмелий ҳәм теориялық шынығыўды өтеў имканиятын беретуғын 3 қабатлы оқыў имараты, 6 жатақхана, заманагөй спорт комплекси, асхана қурылды. Оқыў имаратларындағы компьютер ханаларында, электрон китапханада әскерий хызметкерлердиң заманагөй билим ҳәм аддынғы көнликпелерди өзлестириўи, өз үстинде турақлы түрде шуғылланыўы ушын зәрүрли имканиятлар жаратылды.

Қорғаныў министрлиги ҳәм ўәлаятлық әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен әскерий хазметкерлердиң шаңарақ ағзаларына шараятлар жаратыў мақсетинде усы жылы әскерий қалашада 64 квартиралы 4 көп қабатлы турақ жай, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

172f8dd9-490c-865c-7abd-4d3baeb35558.jpg

Мәмлекетимиз басшысы әскерий бөлимдеги шараятлар, жаңадан шөлкемлестирилген бөлимлер, әскерлер ҳәм әскерий хызметкерлердиң оқыў процесси менен танысты.

Сап дүзеў майданында Жоқары Бас Сәркардаға мүддетли әскерий хызметкерлердиң әскерий таярлығына бағышланған көргизбели шығыўлар көрсетилди. Президентимиз әскерий техника ҳәм қурал-жарақлардың үлгилерин көзден өткерди.

Әскерий хызметкерлер менен сөйлесиўде Президентимизге Қубла-батыс арнаўлы әскерий округине қараслы әскерий бөлимлерди заманагөй техника ҳәм қурал-жарақ пенен тәмийинлеў, армияның басқарыў системасын жетилистириў бойынша илажлар, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў, усы бөлимдеги әскерий ҳәм оқыў таярлық процесин автоматластырыўға байланыслы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

– Әскерий хызметкерлер халқымыздың мәнаўий жетик перзентлери болыўы керек. Буның ушын жеке қурамның мәнаўий жетиклигин, хызметкерлердиң әскерий таярлығын раўажландырыў керек. Сиз Әмир Темур, Жалолиддин Мангуберди сыяқлы уллы бабаларымыздың мийрасхорлары екениңизди барқулла сезинип, соған мүнәсип хызмет етсеңиз, жасларымыз ўатансүйиўшилик, ана ўатанға садықлық сезимлерин сизлерден үйренеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент әскерлер ҳәм офицерлердиң әскерий таярлығын арттырыў, жасаў ҳәм дем алыў шараятын жақсылаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў керек екенлигин атап өтти. Орынлардағы әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын және де жетилистириў керек екенлиги атап өтилди. Әскерий қурылыс системасын жетилистириў, әскерлердиң мәнаўиятын арттырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

4687faf7-d31c-e721-b39e-24c37a1f9164.jpg

Шавкат Мирзиёев Денов районындағы әскерий хызметкерлердиң перзентлери ушын қурылған мәмлекетлик емес бақшаға барды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мектепке шекемги билимлендириўдиң системасын раўажландырыў, балаларды мектепке сапалы таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Орынларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында заманагөй бақшалар қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.

Сурхандәрья ўәлаятында өткен жылы 288 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 3-7 жасар балалардың 11,6 проценти қамтып алынған болса, ҳәзирги ўақытта 355 мәмлекетлик ҳәм 177 мәмлекетлик емес бақшада балалардың жәми 24,3 проценти тәрбияланбақта. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти 32,3 процентке жеткерип, 74 мың ул-қызларды заманагөй бақшаларға қамтып алыў режелестирилген.

Денов районындағы Боғи Эрам мәҳәллесинде «Меҳнат фаровон ҳаёт» фермер хожалығы тәрепинен 150 орынлы «Смарт кидс» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылды. Еки қабатлы бул бақша шет тиллерге қәнигелестирилген болып, балалар инглис, рус ҳәм корейс тиллери бойынша бес топарда тәрбияланады. Буннан тысқары, спорт, музыка ҳәм көркем өнер  дөгереклериниң жумысы жолға қойылған.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тийкарынан әскерий қалашада жасап атыран әскерий хызметкерлердиң, сондай-ақ, әтирапындағы халықтың перзентлери тәрбияланбақта. Бақшаға жумысқа қабыл етилген 22 тәрбияшының 14 и әскерий хызметкерлердиң өмирлик жолдасы есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы бақшадағы шараятларды көзден өткерди, тәрбияшылар менен сәўбетлести. Тәрбияланыўшылар бес баслама ҳаққында қосық айтып берди.

Президентимиз балаларға саўғалар берди.

– Исбилерменлеримиздиң шараятты түсинип бақшаларды қурып атырғаны ҳәзирги сиясатымызға жәрдем, – деди Шавкат Мирзиёев. –Бундай бақшалар тийкарғы итибарды бала тәрбиясына қаратады, мәмлекетлик бақшалар менен бәсекиде жумыс алып барады.

Усы жерде Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм «Өзавтосанаат» акционерлик компаниясы тәрепинен ислеп шығылған мобиль ҳәм модуль бақшалардың көргизбеси өткерилди.

67a4a1bd-de13-c540-ca6a-a4cd504af54b.jpg

Бизге белгили, узақ ҳәм шетки аймақлардағы кем шаңарақлы елатлы пунктлеринде бақша қурыў өзин ақламайды. Соны есапқа алып, мобиль бақшалар усыныс етилмекте. Буның ушын «Isuzu» автобусы бақша ханасы көринисинде модернизацияланып, үскенеленеди. «Ақлвой» деп аталған мобиль бақшалар шетки аймақларға барып, балаларға күндизги ўақытлары тәлим-тәрбия береди. Және бир тәрепи, мобиль бақшалар ушын 2 сотых жерде ойын майданшалары шөлкемлестириледи. Бул балаларға дәстүрий бақшалардағыдай шараятта тәрбияланыў имканиятын береди.

Теңиз контейнерлеринен қурылған  модуль бақшаларда 90 балаға шекем қамтып алыў имканияты бар. Бундай бақшалардың сырты ыссы ҳәм суўықты өткермейтуғын материал менен қапланған, ишинде де заманагөй шараятлар жаратылған. Балаларға билим бериў методикасы, шынығыўлар өткериў ушын жаратылған қолайлықлар сырт ел тәжирийбесине толық сәйкес келеди.

Жаңа жойбарларды мектепке шекемги билимлендириў системасына кеңнен енгизиў, мәмлекетимизде бақшалардың қамтып алыў дәрежесин келеси жылда 50 процентке жеткериў бойынша тапсырмалар берилди.

02.jpg

Шавкат Мирзиёев Денов районындағы жойбарының баҳасы 20 миллион доллар болған «Денов текстиль» пахта-тоқымашалық кластеринде болып, оның имканиятлары менен танысты.

Президентимиз ўәлаятқа болған алдынғы сапары даўамында Сурхандәрья ўәлаятында пахтаны толық кластер усылында жетистириў, ҳәр бир районда заманагөй кластерлерди шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Ҳәм экономикалық ҳәм социаллық жақтан нәтийжели болған бундай система быйылғы жылдың өзинде-ақ реал нәтийжелерди бере баслады.

Ҳәзирги ўақытта кәрхананың биринши басқышы иске түсирилип, кластер усылында ийирилген жип таярланбақта. Жылына 6 мың 300 тонна ийирилген жип таярлаў қуўатлылығына ийе кәрханада быйылғы жылдың тоғыз айында 46,7 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды.

Кәрханада екинши басқышта тигиўшилик линиясы шөлкемлестирилип, экспортқа бағдарланған таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады, 300 ден аслам ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Жойбардың үшинши басқышында гезлемени бояў ҳәм пардозлаў кәрханасы да иске түсириледи, онда жылына 5 миллион погонметр гезлеме ислеп шығарылады.

2020-жылда ўәлаятта баҳасы 107 миллион долларлық әне усындай 10 кластердиң иске түсирилиўи режелестирилген. Усындай илажлардың нәтийжесинде келеси жылы ўәлаятта пахта талшығын 100 процент усы жердиң өзинде қайта ислеўге ерисиў мөлшерленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығында кластер системасының әҳмийетине айрықша тоқталды. Ҳәр бир кластердиң жанында 10 мың бас қарамал бағылатуғын шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берди. Бул гөш баҳасының тийкарсыз түрде қымбатлап кетиўиниң алдын алады.

– Бундай жумысларды тезлестириў керек. Ҳәр бир орын, ҳәр бир жер адамларды бағыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бундай санаат кәрханалары халықты жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қорғаў сыяқлы мәселелерге шешим болады.

Усы жерде 2019-2021-жылларда ўәлаятта аўыл хожалығының тармақларын раўажландырыў, Денов қаласының баслы режеси және келеси еки жылда Денов районын абаданластырыў бойынша жойбарлардың көргизбеси өткерилди.

72 мыңнан аслам халық жасайтуғын Денов қаласы және де кеңейип, 2030-жылда оның майданы 2025 гектарға, халқының саны 90 мыңға жетеди. Жаңа режеге муўапық ески, көримсиз көше ҳәм имаратлардың орнына заманагөй көп қабатлы турақ жайлар, мектеп ҳәм бақшалар, амфитеатр, дем алыў бағлары қурылады. Қала орайындағы  17-әсирге тийисли «Сайд аталық» медресеси ҳәм қорған жайласқан аймақта өнерментшилик орайы қурылады. Қызылсуў дәрьясының жағаларында дем алыў орайлары шөлкемлестириледи.

Президент бул бағдардағы қурылыс жумысларын тезлестириў, адамлар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы турақ-жайларды қурыў зәрүрлигин атап өтти.

Бағшылық, жүзимгершилик кластерлерин шөлкемлестириў, мийўе-овощ жетистириў, логистика  орайларын қурыўға қаратылған жойбарлар экономикалық таллаўларда баян етилди. Ендигиден былай ўәлаятта «бир мәҳәлле – бир өним» принципи тийкарында фермерликти раўажландырыў, халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәрекети басланады.

Ангорда халықтың қыйтақ жерлери исбилерменлигин раўажландырыў, Узун районындағы дән кластери, сондай-ақ, ўәлаятта шөлкемлестирилетуғын ғәллешилик кластерлери ҳаққында сөз болды. Шўрчи районында «Чиноз текстиль» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарларды көзден өткерди.

Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен халықаралық консультатив компанияның жәрдеминде елимиз жерлеринде жетистирилген мийўе-овощ өними, экспорт потенциалы, жәҳән базарындағы талап ҳәм усынысты үйрениў таллаўлар менен баян етилди. Сурхандәрьяның климатынан келип шығып, аўыл хожалығында ерте писер, экспортқа жарамлы егин түрлерин көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, лимон егиўди көбейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Өткен жылы Шеробод районында цемент заводы иске түсирилген еди. Быйыл Жарқўрғон районында «Сурхонцементинвест» шет ел кәрханасы қурылды. Бул жерге Германия, Австрия, Россия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй технологиялар ҳәм үскенелер орнатылды.

ff02f590-363c-5aab-92aa-85e450968080.jpg

Жойбарының баҳасы дерлик 144 миллион доллар болған кәрхананың биринши басқышы жуўмақланған. Завод толық қуўатлылық пенен жумыс баслағаннан кейин, жылына 1,1 миллион тонна цемент ислеп шығарылып, оның 750 мың тоннасы экспортқа шығарылады, 1 125 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президент бул завод пенен танысты.

– Сурхандәрья ўәлаятының экономикалық имканиятлары оғада үлкен. Бул жерде жер асты байлықлары көп. Менделеевтиң дәўирлик кестесиндеги дерлик барлық элементлер бар. Буннан ақылға уғрас пайдаланыўымыз, халқымыздың мәпи ушын жумсаўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, келешекте 12 миллион доллардан аслам инвестицияны тартыў арқалы қурғақ қурылыс араласпалары, гидрадланған ҳәк, темир-бетон өнимлерин  таярлаў да режелестирилген.

Усы жерде ўәлаятта санаат, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў, ишимлик ҳәм ақаба суў системаларын жақсылаў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм экспорттың көлемин арттырыўға қаратылған жойбарлардың көргизбеси өткерилди.

babcd0e6-f94f-b5da-71de-11fddb9668f0.jpg

Ўәлаятқа бириктирилген елшиханалар тәрепинен әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Оған бола Австрия, Япония, Аўғанстан ҳәм Тәжикстан менен биргеликте ўәлаятта 2020-2021-жылларда 90,2 миллион долларлық 47 перспективалы инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Ўәлаяттың ҳәр бир районында 9-12 қабатлы турақ жайларды қурыў, Денов районының экономикасын раўажландырыў, районда еркин экономикалық зонаны шөлкемлестириў, ўәлаяттың экспорт потенциалын арттырыў, көбирек инвестицияларды тартыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Президентимиздиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Умар АСРОРОВ,

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзАның хабаршылары