18-октябрь күни саат 8.00де Lacetti маркалы  автомобильдиң басқарыўшысы ЖПХ инспекторын дүгип жиберди. Жәбирленген ЖПХ хызметкери емлеўханаға жатқарылды. Бул ҳаққында Ташкент ИИББ баспасөз хызмети хабар берди.

Lacetti маркалы автомобильдиң басқарыўшысы 25 жасар А.Р. Ташкент қаласының Шайхонтоҳур районында Абай ҳәм Абдулла Қадирий көшелериниң кесилиспесинде ҳәрекетти тәртипке салып атырған ЖҲҚББ ЖПХ инспекторы лейтенант М.Д.ны дүгип жиберди.

Инспектор дене жарақатын алған ҳәм емлеўханаға жатқарылған. Оған медициналық жәрдем көрсетилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги