17-октябрь күни  Ташкент қаласындағы Миллий паркте Өзбекстан Экологиялық партиясының басламасы менен «Бизлер келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астында «ARAL MARATHON»  халықаралық экологиялық марафонына старт берилди.

Марафон Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң қатнасыўында 25-октябрь күни Нөкис қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги Арал конференциясының алдында елимизде биринши рет 17-22-октябрь күнлери шөлкемлестирилмекте.

Экологиялық марафон Өзбекстанның 6 қаласында, яғный Ташкент, Самарқанд, Бухара, Үргенш, Нөкис ҳәм Мойнақта болып өтетуғыны режелестирилген.

2.jpg

6.jpg

Бул марафон Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәрияланыўына, Арал апатшылығы ҳақыйқаттан да глобаллық көлемдеги машқала екенлигине жәмийетшиликтиң итибарын тартыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Марафонның алды салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувахитов, БМШтың Өзбекстандағы турақлы ўәкили Ҳ.Фрезер, Экологиялық партияның орайлық кеңеси атқарыўшы комитетиниң баслығы Б.Алихонов шығып сөйлеп, суў ресурсларын үнемлеў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жасыл экономиканы раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў экологиялық турақлылықты тәмийинлеўдиң ең нәтийжели жолы екенин атап өтти.

– Суўдың баҳасы күн сайын артып бармақта, – деди Өзбекстан Экологиялық партиясы орайлық кеңеси атқарыў комитети баслығының орынбасары Ислом Хушвақтов. – Соның ушын марафон қатнасыўшылары пүткил мәмлекет бойлап символикалық мәнисте ыдыстағы суўды қолдан-қолға узатқан ҳалда алып өтеди. Ҳәптелик марафон шеңберинде ҳәр бир басқышта 5 километрлик аралықта жүгириў, жоқары оқыў орынларында «Бизлер келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астында партия тәрепинен шөлкемлестирилетуғын үгит-нәсият илажлары ҳәм барлық ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен шөлкемлестирилетуғын концерт бағдарламаларын өз ишине алған. Марафонның финал басқышы 22-октябрь күни Мойнақ қаласында алдынлары теңиздиң толқынланып турған жеринде болыўы да халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги ушын оғада әҳмийетли болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде Өзбекстан Экологиялық партиясы, Мәденият, Ишки ислер, Қорғаныў, Денетәрбия ҳәм спорт министрликлери, Миллий олимпиада комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Миллий гвардия, Жеңил атлетика федерациясы кең жәмийетшиликтиң итибарын Арал машқаласына тартыў мақсетинде бирден-бир платформаға бирлести. Буннан тысқары, усы жойбар жаслардың социаллық белсендилигин арттырыў менен бир қатарда, олар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен  үгит-нәсиятлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, жәмийетшиликти қоршаған орталықты  қорғаў жумысларына кеңнен тартыў, халықтың экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын жоқарылатыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер менен бирге ислесиўди күшейтиў партияның тийкарғы бағдарламалық ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

9.jpg

14.jpg

Марафонға старт берилди. Олимпиада ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери О.Чусовитина, Р.Нуриддинов, Ф.Ғойибназаров, Р.Собиров ҳәм басқалар символикалық мәнисте ыдыстағы суўды қолған келгенше узатқан ҳалда белгиленген аралықты басып өтти.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң 2-курс студенти Муҳсинжон Абдулатипов да марафонда қатнасып, сыйлы биринши орынды қолға киргизди.

– Жеңил атлетика бойынша түрли жарысларды қатнасқанман, – деди М.Абдулатипов. – Бул реткиси өзгеше болды. Гәп жеңисте емес. Ең әҳмийетлиси Экологиялық партияның  «Бизлер келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астында бирлестик. Ертең Самарқанд қаласында болып өтетуғын марафонда да қатнаспақшыман.

Tashkent City паркинде усы марафон мүнәсибети менен эстрада жулдызлары ҳәм белгили спортшылардың қатнасыўында концерт өткерилди.

Экологиялық марафонды дәстүрий тәризде ҳәр жылы өткериў режелестирилмекте. Бул пүткил дүнья жәмийетшилигиниң региондағы экологиялық машқалаларға итибарын қаратыўға хызмет етеди.

 

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы