Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Ишки ислер министрлиги жуўапкерлери менен баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Онда, атап айтқанда, усындай сораў берилди.

Сораў: кеше Орайлық банктиң қарары менен пуқаралар турақлы пропискаға қарамастан қәлеген аймақтан кредит алыў мүмкин болды. Мине усындай пуқараларға паспорт ямаса айдаўшылық гүўалығын да қәлеген аймақтан алыў имканиятын жаратыў мүмкин бе? Солай етип айтқанда Ташкент қаласында жасайтуғын пуқара ўәлаятқа барыўға мәжбүр болмас еди.

ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў Бас басқармасы баслығының биринши орынбасары Нодир Зиёев:

«Бул мәселе оғада орынлы ҳәм бизлердиң күн тәртибимизде бар. Ҳәзирги ўақытта усы системаны енгизиў бойынша тийисли жумысларды әмелге асырып атырмыз. Жақын арада паспортты тек ғана турақлы прописка етилген аймақтан емес, ал ўақтынша дизимнен өткен аймағынан да алыў имканиятын жаратыў бойынша усыныслар киргизиледи».

Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиевтиң телеграм каналында хабар берилди, деп жазады xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги