Нөкисте O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Биргеликте биз күшпизсүрени астында «Айдын келешекке O’zLiDeP  пенен бирге қәдем қоямыз» атамасында сайлаўалды үгитнәсият илажы болып өтти.

O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкери Акром Алимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Сағындық Турмановлардың атап өткениндей, сайлаў кампаниясы сиясий партиялар ушын ең жуўапкершиликли процесс ҳәм әҳмийетли сынақ болып табылады. Быйылғы сайлаўлардың биринши мәрте Сайлаў кодекси, усы тийкарда қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы бойынша демократиялық принциплер ҳәм ашық-айдынлық тәризде өтиўи менен бирге, сиясий партиялардың алдына бир қатар жуўапкерли ўазыйпаларды қойып атырғанлығы менен де әҳмийетли.

Сайлаўларда Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы да жаңаша идея ҳәм жаңаша көз-қараслар менен қатнаспақта. «Мәмлекет те, реформалар да ең дәслеп инсанға хызмет етиўи керек». Партияның идеялық мақсет және ўазыйпаларын халықтың кең қатламына, әсиресе, жаслардың санасына сиңдириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған түрли акция ҳәм үгит-нәсият илажларына әне усы баслама менен шықпақта.

Инсан мәпи, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери  ең дәслеп еркинлик шараятында тәмийинленеди. Усы көз-қарастан келип шыққан ҳалда  партия халық пенен бирге  болып, халықтық дәртин тыңлап, машқалаларын биргеликте шешип, олардың машқаласын өзиниң машқаласы деп билип, жаңаша мазмунда үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

-Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, оларды исбилерменликке кеңирек тартыў, усы арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў O’zLiDeP партиясының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады,-дейди «Гули-Мед» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Гүлайым Хожамуратова.-Өзимниң жеке меншик клиникамды ашыў ушын банктен жеңиллетилген 300 миллион сум кредит алыўымда партия қоллап-қуўатлады ҳәм жақыннан жәрдем берди. Бундай мысалларды көплеп келтириўимизге болады.

Илаж даўамында көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди. Бундай сайлаўалды үгит-нәсият илажларын республикамыздың барлық районларында өткериў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.