Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына барды. Мәмлекетимиз басшысы әмелий сапарын дәстүрге бола, Ҳәким Термизий мавзолейин зыяратлаўдан баслады.                     

  Халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп дуўа етилди.

Уламалар менен сәўбетте мәмлекетимиздиң тарийхы, ойшылларымыздың бай руўхый мийрасын жас әўладқа жеткериў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў ҳаққында сөз болды. Жәмийетимизде меҳир-ақыбет орталығын беккемлеў, билип-билмей адасқанларды әпиў етип, дурыс жолға қайтарыў, өмирде өз орнын табыўына жәрдемлесиў, руўхый-ағартыўшылық жумысларды күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА