Импорт бажыхана бажылары ҳәм мәмлекетке алып кирилетуғын акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығының ставкалары қайта көрип шығылды. Өзгерислер 2020-жыл 1-январьдан күшке киреди.

Өзгерислер миллий экономиканы диверсификациялаў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын қоллап-қуўатлаў, инновациялық раўажланыў ҳәм экспортқа бағдарланған өндиристи шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў, қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириўге қаратылған.

Акциз бойынша үш өзгерис нәзерде тутылмақта:

импорт етилетуғын қумшекерге (ақ реңли, хош ийисли ямаса рең бериўши қосымшалар қосылмаған, СИМ СҚ коды 1701 99) 20 процентлик ставка бойынша салық салынады). Ҳәзирги ўақытта усы позицияда акциз салығы төленбейди;

импорт етилип атырған суў, муз ҳәм қарға (СИМ СҚ коды 2201) ставка бойынша 50 процентке шекем арттырылады, бирақ бир литр ушын 0,25 АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда белгиленеди. 2019-жылы ол бажыхана баҳасының 25 процентин қурайды;

импорт етилетуғын, ислеп шығарылғанына 2 жыл болған, эквивалентте 40 мың АҚШ доллар ҳәм оннан артық баҳаға ийе жеңил автомобильлерге (СИМ СҚ кодлары 8703 22, 8703 23, 8703 23 194 0, 8703 24, 8703 31, 8703 32, 8703 33) қолланылған бажыхана баҳасының 20 процент муғдарындағы жеңиллетилген ставка бийкар етиледи.

Бажыхана бажылар бөлимине кең көлемли өзгерислер киргизилмекте. Мазмуны бойынша, әмелдеги ставкалар системасының жаңа редакциясы қабыл етилген. Нәтийжеде дерлик ҳәр бир товардың топары шеңберинде муғдарлар жаңаланды: азық-аўқат ҳәм азықлық емес товарлар, санаат өнимлери, транспорт қураллары ҳәм т.б. Тийкарынан, адвалор ставкаларды комбинацияланған ставкаларға өзгерислер арқалы оларды арттырыў (яғный төменги шекленген баҳаны енгизиў, редакцияның түсиниги), әмелдеги ноль дәрежели ставкаларды бийкар етиў ҳәм бажы алынатуғын жаңа позицияларды киргизиў ҳаққында айтылмақта.

Буннан тысқары, Министрлер Кабинетине төмендеги мәселелерди көрип шығыў ўазыйпасы жүкленди:

халықаралық әмелияттан келип шыққан ҳалда халықаралық курьерлик жөнетпелер ушын бир мәртелик бажысыз баҳа ҳәм аўырлық нормаларын енгизиў ҳәм усы нормалардан артқан жағдайда айрықша жыйымларды өндириў;

2020-жыл 1-январьдан баслап бажыхана бажы ҳәм акциз салығы бойынша жеңилликлерди усы жеңилликлердиң нәтийжелилиги ҳәм импорт етилетуғын товарлардың түрин ислеп шығарыў бойынша қуўатлылықлардың бар екенлигин есапқа алған ҳалда бийкар етиў.

Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлериниң мағлыўматлар миллий базасында жәрияланған ҳәм 1.01.2020-жылдан күшке киреди.

 

ӨзА